Қәлем излеринде қалған өмир ҳақыйқаты

Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Өзбекстан художниклери аўқамы Қарақалпақстан бөлими басламасы менен көргизбе сарайында белгили художник, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты Қыдырбай Сайыповтың 85 жыллығына бағышланған илимий-әмелий конференция болып өтти.
Оған көркем өнер изертлеўшилери, художниклер, мәденият хызметкерлери, жас талант ийелери ҳәм художниктиң шаңарақ ағзалары менен жақынлары қатнасты.
Онда юбилярдың театрда бирге ислескен кәсиплес досты, Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы сыйлықтың лауреаты, «Мехнат шуҳрати», «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлери ийеси, «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы», профессор Нажиматдин Аңсатбаев, Өзбекстан көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими баслығы Улбосын Утегенова, көркем өнер таныўшы Айгүл Пирназарова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қыдырбай Сайыповтың өмири ҳәм бай дөретиўшилик мийрасын, оның театр безеўи, живопис ҳәм графикадағы жумысларын, улыўма Қарақалпақстан сүўретлеў өнериндеги тутқан орнын үлкен ҳүрмет пенен атап өтти.
Әсиресе, оның Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында бас художник сыпатындағы жемисли хызмети ҳүрмет пенен тилге алынды.
Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Қыдырбай Сайыпов 1939-жылы Шымбай районында туўылып, 1952-1957-жыллары Ташкент қаласындағы П.Беньков атындағы сүўретшилик өнери училищесиниң живопись бөлиминде оқыйды. Училищени питкерип келип, мийнет жолын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында художник постановщик болып ислеўден баслайды. 1958-жылы театрдың бас художник лаўазымына тайынланады. 1961-1963-жыллары Қарақалпақстан художниклер аўқамының жуўаплы хаткери, 1965-жылдан өмириниң ақырына дейин (1972) художниклер аўқамының баслығы лаўазымларын теңдей алып барады.
Ол 1957-жылдан өз өмирин театрға бағышлады. Атап айтқанда, талантлы художник «Бахыт», «Бердақ», «Айгүл-Абат», «Жайлаўда той», «Ақ гүл», «Күйгелек көзли яр», «Адасқан ул», «Қәдирдан доктор», «Жас жүреклер», «Алпамыс», «Талўас», «Табыттан шыққан даўыс», «Қудағай келди», «Қызлар ҳәзили», «Еки байға бир малай», «Қарақалпақ қызы», «Актрисаның ығбалы», «Наўайы Астрабатда», «Отелло» ҳәм басқада бир неше спектакллердиң безеў жумысларын жоқары дәрежеде алып барады.
Қ.Сайыпов өмирлик жолдасы талантлы актриса Зәўре Сайыпова менен 3 қыз ҳәм бир улды дүньяға келтирди. Художник 1972-жылы 33 жасында дүньядан өтеди.
Қыдырбай Сайыпов – қарақалпақ сүўретлеў өнериниң тийкарын салған художниклердиң бири. Оның жаратып кеткен мийнетлери қарақалпақ миллий сүўретлеў өнериниң тийкарын салыўға хызмет етпекте.
Конференцияда көркем өнер изертлеўшилери, художниклер, мәденият хызметкерлери ҳәм жас талантлар жыйналып, художниктиң дөретпелери ҳәм дөретиўшилик жолы ҳаққында баянатлар жасады.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы