Хожели районында көшпели қабыллаў өткерилди

Әмелдеги конституциямызға муўапық, ҳәр ким тиккелей өзи ҳәм басқалар менен биргеликте мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына, лаўазымлы шахсларға ямаса халық ўәкиллерине арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар менен мүрәжат етиў ҳуқықына ийе екенлиги, арзалар, усыныслар ҳәм шағымлар нызамда белгиленген тәртипте ҳәм мүддетлерде көрип шығылыўы шәрт екенлиги белгилеп қойылған.
Сонлықтан, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары менен ислесиўге айрықша итибар қаратылып, мүрәжатлар нызамда белгиленген мүддетлерде шешилмекте.
Атап айтқанда, Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң ҳәр биринде физикалық ҳәм юридикалық шахсларды ҳәм олардың ўәкиллерин қабыллаў ханалары шөлкемлестирилген болып, бул ханалар заманагөй техникалар менен үскенеленген.
Сондай-ақ, пуқараларымызға қолайлық жаратыў мақсетинде районлардың алыс аймақларында жайласқан, сондай-ақ, бюро уйымларына келиўге қыйналатуғын шахслардың мүрәжатларын аралықтан турып, онлайн тәризде қабыл етиў ҳәм көрип шығыў системасы жолға қойылған.
Буннан тысқары, дүзилген реже-график тийкарында аймақларда тиккелей басқарма баслығының қатнасыўында көшпели қабыллаўлар да шөлкемлестирилмекте.
Хожели районындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы имаратында өткерилген көшпели қабыллаўда 7 пуқараның мүрәжаты тыңланып, олардың бесеўи орнында шешилген болса, қалған екеўи айрықша қадағалаўға алынып, нызамлы шешиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.



Ҳәзирги күнде Мәжбүрий орынлаў бюросының қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги