«Сарабий» АПЖ да таяр трикотаж өнимлери ислеп шығарылады

64

Елликқала районындағы “Сарабий” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында “Елликқала алтын талшығы кластери” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен таяр трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў жойбары иске түсирилди.

Улыўма баҳасы 17 млрд. сумнан зыят болған бул жойбар шеңберинде сырт еллер – Германия, Түркия ҳәм Қытай мәмлекетлеринен үскенелер алып келинип, орнатылған.

Бүгинги күнде бул жерде 450 жаңа жумыс орны жаратылған.

Усы жерде ислейтуғын ҳаял-қызлар районның шетки аймақларына да санаат кирип киятырғанынан, үйлерине жақын жерде усындай заманагөй кәрханада жумыс ислеп атырғанынан ырзалығын билдирди.

Әлбетте, жаңа жумыс орынларын жаратыўға бағдарланған бундай жойбарлар экономикамыздың раўажланыўына да мүнәсип үлес қосады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги