Излеўдеги алимент төлеўши әке өзин өзи услап берди

57

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қоңырат районы бөлиминиң ис жүргизиўинде болған, Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлар аралық судының 2023-жыл 18-декабрьдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып өндириўши Е.А пайдасына тәрбиясындағы үш перзентиниң тәмийнаты ушын қарыздар Н.Н.дан алимент өндириў белгиленген.

Усы орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде қарыздардың жасаў мәнзилине барылғанда, қарыздар бул мәнзилде жоқ екенлиги, жақын туўысқанының көрсетпесине бола ол Ташкент қаласына кеткенлиги анықланған.

Сол себепли, оған қарсы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қоңырат районы бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен излеў жәрияланған.

Бүгинги күнге келип қарыздар И.Кның алимент төлемлеринен қарыздарлығы 19 миллион сумнан асып кеткен.

Қарыздар усы жылдың 5-ноябрь күни Ташкент қаласынан келген ҳәм өндириўши Е.А.ға телефон арқалы байланысып, алимент төлеўди тамамлап бирге жасаў тилегин билдирген. Бул ҳаққында өндириўши Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы хызметкерлерине хабар берип, қарыздарға нызамлы шара көрип бериўин сораған.

Сонда Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы хызметкерлери ҳәм бөлим мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен қарыздарды услап қалыў режеси дүзилип, өндириўшиге қарыздарға қоңыраў етип, гүмансыз жарасыў нийети бар екенлигин, бул ушын ол жасап атырған мәнзилине келиўи керек екенлигин айтыў тапсырылған.

Режеге бола өндириўши қарыздарға қоңыраў етип, оны усы жылдың 6-ноябрь күни Хожели районындағы жасаў мәнзилине шақырып алған.

Қарыздар Н.Н. өндириўшиниң қасына келиўден-ақ Бюроның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы излеў секторы хызметкерлери тәрепинен иркиўге алынған ҳәм алимент төлемлерин төлеўден бас тартып келгенлиги себепли оған тийисли тәртипте ҳәкимшилик жаза илажын шешиў мақсетинде Бюроның Қоңырат районлық бөлимине жеткерилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги