Кәсиплик аўқамы спартакиадасы өткерилди

Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде 11-ноябрь «Өзбекстан кәсиплик аўқамы күни» мүнәсибети менен спорттың мини футбол, волейбол ҳәм стол теннис түрлеринен Кәсиплик аўқамы спартакиадасы болып өтти.
Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районлары спорт мектеплеринде ислеўши хызметкерлер қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.
Қызықлы өткен жарыс соңында стол теннис бойынша қызлар арасында Г. Жалғасбаева биринши орынды жеңип алған болса, ерлер арасында М. Ражабов жарыс жеңимпазына айланды.
Мини футбол бойынша өткерилген жарыста болса, Қарақалпақстан Республикасы футбол академиясы хызметкерлери жәмәәти биринши, Нөкис қаласындағы 2-санлы спорт мектеби екинши ҳәм Нөкис районлық споорт мектеби командасы сыйлы үшинши орынларды жеңип алыўға миясар болды.
Ал, волейбол бойынша өткерилген жарыста жеңимпазлық Республикалық спорттың ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика спорт түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебине несип етти.

Жарыста белсендилик көрсеткен Беруний районлық спорт мектеби ҳәм Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектеби жәмәәтлери болса, гүмис ҳәм қола медальлары жеңип алды.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы дилпом, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы