Илажлар өз-ара ҳүрметти беккемлеўге хызмет етпекте

51

Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети орынларда ҳәр қыйлы мәдений, кеўил ашар илажлар, спорт жарыслары даўам етпекте.

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да 11-ноябрь – “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” мүнәсибети менен профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер арасында спорт жарысы шөлкемлестирилди.

Илаждың тийкарғы мақсети – жәмәәтте саламат бәсеки, аўызбиршилик ҳәм өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеўден ибарат.

Илажда спорттың жәмәәт турмысындағы орны, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, аўызбиршилик ҳәм жуўапкершиликти арттырыўдағы әҳмийети атап өтилди.

Профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер бир неше спорт бағдарлары бойынша өз-ара беллести. Жарыс процеси тек ғана физикалық белсендилик емес, аўызбиршилик, бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмәәт ишиндеги унамлы қатнасықларды беккемлеўге хызмет етти.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги