Студент емлеўханадағы күтиў машқаласына инновациялық шешим тапты

65

Ҳәзирги күнде денсаўлықты сақлаў системасында ең әҳмийетли машқалалардан бири емлеўханаларда гезек күтиў мәселеси болып есапланады. Халықтың үлкен бөлеги медициналық тексериўден өтиўде ямаса әпиўайы диагностика процесслеринде көп ўақтын жумсайды. Әйне усы машқаланы шешиў мақсетинде Турин политехника университетиниң магистранты Асадбек Ўринов тәрепинен ислеп шығылған “Body Tester” атлы инновациялық жойбар әҳмийетли шешим сыпатында алға қойылды.

Бул қолланба “Өзбек илимпазларының инновациялық идеялары” жойбары шеңберинде ислеп шығылған болып, Саўда-санаат палатасы, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги және Илимлер академиясы менен биргеликте әмелге асырылмақта. Жойбар мәмлекетимизде жас илимпазлардың идеяларын әмелиятқа енгизиў, илим нәтийжелерин реал экономикалық пайдаға айландырыўға хызмет етпекте.

Бүгинги күнде халық көплеген емлеўханаларда әпиўайы тексериўден өтиў ҳәм диагностика ушын саатлап гезекте турыўға мәжбүр. Соның менен бирге, наўқастың медициналық мағлыўматлары қағаз түринде усынылып, бул факторлар бир қанша қолайсызлықларға себеп болады. Бул тек ғана ўақыт жоғалтыў емес, ал медицина хызметкерлериниң артықша бәнтлигине де себеп болады. “Body Tester” жойбарының тийкарғы идеясы бул процессти автоматластырыў, наўқастың дене жағдайын қысқа ўақыт ишинде таллап, дәслепки мағлыўматларды оларға электрон жеткерип бериўден ибарат.

Асадбек Ўриновтың бул басламасы тек ғана медицина тараўындағы машқаланы шешиўге емес, ал илим ҳәм бизнес арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге де хызмет етеди. Себеби жойбар нәтийжеси сыпатында жаратылған қурылманы ислеп шығарыў, оны денсаўлықты сақлаў мәкемелерине жеткериў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў ушын жеке меншик сектор менен бирге ислесиў зәрүр.

Бул бағдарда “Өзбек илимпазларының инновациялық идеялары” жойбары жас изертлеўшилерге техникалық, ҳуқықый ҳәм финанслық жәрдем көрсетпекте. Олардың қолланбалары коммерцияластырыў басқышына шығарылып, жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларының итибарына усынылмақта.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА