“Мүриўбет үйи” ҳаял-қызларының қол мийнети ярмаркасы болып өтти

66

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында Нөкис қаласындағы “Мүриўбет” интернат үйинде жасаўшы майыплығы бар ҳаял-қызлар тәрепинен жаратылған қол мийнетлери ярмаркасы болып өтти. Бул ярмаркада басқарма ҳәм пост инспекторы хызметкерлери ҳәм сыртқы экономикалық жумыс алып барыўшы исбилерменлер қатнасты.

Ярмаркада “Мүриўбет үйи” ҳаял-қызлары тәрепинен тигилген кестешилик жумыслары, миллий нағыслар, безекли буйымлар ҳәм ҳәр қыйлы қол мийнетлери көрсетилди.

Бул безелген буйымлар – барлығы меҳир, сабыр ҳәм дөретиўшилик пенен жаратылған болып, ҳаял-қызлардың дөретиўшилигин, мийнет сүйгишлигин ҳәм миллий қәдириятларға болған садықлығын және бир мәрте көрсетти.

Бундай илажлар жәмийетимизде ҳаял-қызларға болған ҳүрмет ҳәм итибарды және де арттырыў, оларды социаллық турмысқа жедел тартыў бойынша үлкен әҳмийетке ийе.

Ярмаркадан түскен қаржы “Мүриўбет үйи”ниң материаллық базасын беккемлеў, сондай-ақ, ол жердеги ҳаял-қызлар ҳәм тәрбияланыўшылардың жаңа дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыўға түртки болады.

Бажыхана хызметкерлери ҳәм илаж қатнасыўшылары усы ийгиликли иске өз үлеслерин қосып, ҳаял-қызлардың дөретиўшилигин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың мийнетин қәдирлеўге ҳәрекет етти. Олар тәрепинен сатып алынған ҳәр бир шығарма – тек ғана саўға емес, ал меҳир ҳәм тән алыў тымсалына айланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги