Бажыхана басқармасында “Китап ярмаркасы” болып өтти

67

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында руўхыйлық ҳәм китапқумарлық мәдениятын үгит-нәсиятлаў мақсетинде “Китап ярмаркасы” шөлкемлестирилди.

Бул илаж хызметкерлер арасында китап оқыўға болған қызығыўшылықты арттырыў, руўхый байлық ҳәм билим шеңберин кеңейтиў, сондай-ақ, китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға қаратылған.

Ярмаркада түрли баспалар тәрепинен басып шығарылған көркем, илимий, тарийхый ҳәм ағартыўшылық бағдардағы китаплар кең таңлаўда усынылды. Хызметкерлер өзлерине унаған шығармаларды сатып алыў, усыныслар алыў ҳәм  бир-бири менен оқыған китаплары ҳаққында пикир алысыў имканиятына ийе болды. Сондай-ақ, ықласбентлер ҳәм китапқумар хызметкерлер тәрепинен сатып алынған китаплар басқарма китапханасына өз атынан естелик сыпатында тапсырылды.

Ярмаркада атап өтилгениндей, китап – инсанның ой-пикири, руўхый жетиклик ҳәм илим дереги болып, ол ҳәр бир хызметкердиң өмиринде турақлы жолдасқа айланыўы зәрүр.

“Китап ярмаркасы” тек ғана саўда илажы емес, ал руўхый-ағартыўшылық ушырасыў, пикир алысыў ҳәм китапқа болған сүйиспеншиликти және де беккемлеўши жақсы дәстүрге айланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги