Боксшимиз Ар-Риядта чемпион болды

Ҳәзирги күнлери көпшилик спорт жанкүйерлериниң дыққаты Саудия Арабстанының Ар-Рияд қаласында өткерилип атырған VI Ислам тилеклеслик ойынларына қаратылған.
Бул жерде спорттың көплеген түрлери бойынша жарыслар өткерилип, онда мәмлекетимиз спорт делегациясы табыслы қатнасып, улыўма командалық есапта медальлар топлаў бойынша Түркиядан соң екинши орынды ийелеп келмекте.
Қуўанышлы тәрепи сонда, бул жарыста бокс бойынша -60 кг салмақта Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасып атырған Мадияр Данияров алтын медаль ийесине айланды.
Атап айтқанда, боксшимиз шерек финалда ливиялы Муайид Окашаҳты екинши раундта техник нокаутқа ушыратқан болса, ярым финалда иранлы Даниял Шаҳбахшты 4:1 есабында жеңип, финал жолламасын қолға киргизди.

Ал, чемпионлық ушын өткерилиўи тийис финал беллесиўинде әзербайжанлы Маҳаммадали Гасимзада беллесиўден бас тартып, жеңис Мадияр Данияровқа берилди ҳәм жерлесимиз VI Ислам тилеклеслик ойынларының чемпионы атағына миясар болды.
Өз гезегинде, бизлер елимиз мақтанышы Мадияр Данияровты, оның устазларын ҳәм ата-анасын бул табысы менен қызғын қутлықлап, алдағы жарысларда да чемпионлықты қолға киргизе бериўине тилеклеслик билдирип қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы