Мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары тапсырылды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент мәмлекетлик медицина университетине барып, мәмлекетимиздиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыў өткерди.
Өткерилген ушырасыўда Нөкис қаласынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов ҳәм бир топар тараў ўәкиллери видеобайланыс арқалы қатнасты.
Ушырасыў алдынан Президентимиздиң «Медицина хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманы менен республикамыз бойынша сыйлықланған тараў ўәкиллерине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.



– 35 жылдан бери усы тараўда жумыс ислеп киятырман, – дейди Беруний районлық медицина бирлеспесиниң нәрестелер бөлиминиң баслығы Еркинай Маримова. – Усы жыллар ишинде районымызда қаншама ана жас босанып, олардың қуўанышына шерик болыў несип етти. Мениң азы-кем ислеген мийнетимиди инабатқа алынып, Президентимиздиң арнаўлы пәрманы тийкарында «Соғлом турмуш» медалы менен сыйлықланып атырман. Буның ушын тараў басшыларына, ҳүрметли Журтбасшымызға үлкен рахмет айтаман.
Буннан соң мәмлекетимиз басшысы менен ушырасыў өткерилип, онда системадағы реформалар нәтийжелилиги ҳәм келеси жылда әмелге асырылатуғын баслы ўазыйпалар талқыланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги