Суўды үнемлеўши технологиялар ушын субсидия ҳәм жеңиллетилген кредитлер ажыратылмақта

Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районлары ҳәкимликлеринде Суў хожалығы министрлигиниң жуўапкерлери тәрепинен кластер ҳәм фермер хожалықларының басшылары, қурылыс, жумысты бөлип алып ислеўши кәрханалардың ўәкиллериниң қатнасыўында суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў мәселелери кеңнен додаланды.
Илажларда Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министри Б.Юсупов, Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жуўаплы хызметкери Н.Худайбердиев ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары тийисли қарарлар тийкарында суўды үнемлеўши технологияларды енгизген фермерлерге субсидия ҳәм банклерде жеңиллетилген кредитлер ажыратылып атырғанын, суўды үнемлеўши технологиялардың абзаллықларын кеңнен түсиндирди.
Сондай-ақ, келеси жылдың зүрәәти ушын егилген ғәлле майданларына жаўынлатып суўғарыў технологияларын енгизиў ушын “suvkredit.uz” электрон системасы арқалы арзалар бериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында да толық мағлыўматлар берилди.
Илажларда заманагөй инновациялық суўғарыў технологиялары (қуяш панельлери арқалы көшпели суў жеткерип бериўши суўғарыў системасы) менен жақыннан таныстырылды.

Илажлар шеңберинде Суў хожалығы жуўапкерлери ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўге қәлеўин билдирген фермер хожалықлары, қурылыс шөлкемлериниң ўәкиллери менен ашық сөйлесиўлер де шөлкемлестирилди. Онда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўде жүзеге келиўи мүмкин болған машқалалар ҳәм оларды сапластырыў мәселелери де додаланды.
Қатнасыўшылар суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға қәнигелерден жуўаплар алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги