Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумыслары сын көзқарастан додаланды

43

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Ш.Аминовтың басшылығында болып өткен гезектеги кеңейтилген мәжилисте гүзги-қысқы мәўсимге таярлық, жанылғы-энергетика ҳәм ишимлик суўы ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қурылыс тараўындағы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери сын көзқарастан додаланды.

Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 7-майдағы қарарына тийкарланып социаллық тараў объектлеринде ыссылық системасын жаңалаў, ысытыў қазанлары ҳәм газ жанғышларын жаңасына алмастырыў, бақшаларға гелиоколлектор орнатыў бойынша жумысларды толық жуўмақлаў, халыққа ҳәм социаллық тараў объектлерине көмирди толық ҳәм өз ўақтында жеткерип бериў, қурылыс тараўындағы машқалаларды сапластырыў, қаржыларды өзлестириў, пайдаланыўға тапсырылған объектлерди қысқа мүддетлерде альтернатив ыссылық системалары менен тәмийинлеў бағдарындағы жумыс бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.

Мәжилис жуўмағында, мәўсимге таяр болмаған социаллық тараў объектлериниң машқалаларын сапластырыў, жанылғы-энергетика ресурсларынан нызамсыз пайдаланыў бойынша рейд илажларын күшейтиў, ишимлик суўы ресурсларынан бар дебитор қарыздарлықларды қаплаў, сондай-ақ, қурылыс тараўындағы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы, объектлерди өз мүддетинде ҳәм сапалы тапсырыў, жумысларды жәмийетлик қадағалаў тийкарында шөлкемлестириў бойынша жуўапкер уйым ҳәм шөлкемлерге тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги