Келеси жылдан жоқары мағлыўматлы мийирбийкелердиң айлығына 100 процент үстеме бериледи

47

Президент Шавкат Мирзиёевтиң медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери менен ушырасыўы даўам етпекте.

Келеси жылдан барлық медицина жоқары оқыў орынларында жоқары мийирбийкешилик жумысы бағдары ашылады ҳәм квота еки есеге, 2027-жылдан болса кеминде жигирма проценттен арттырып барылады.

Буннан мақсет – жақын жылларда жоқары мағлыўматлы мийирбийкелердиң үлесин 10 процентке жеткериў.

Жоқары мағлыўматқа ийе, шыпакер менен бирге туратуғын бундай мийирбийкелердиң мийнети мүнәсип хошаметленеди. Келеси жылдан жоқары мағлыўматлы мийирбийкелердиң мийнет ҳақысына 100 процент үстеме бериледи.

Соның менен бирге, орта мағлыўматлы мийирбийкелерди таярлаў системасы да өзгертиледи.

Бул бағдарда Англияның “Пирсон” компаниясы менен ҳәр бир аймақтағы биреўден техникумда халықаралық стандарт тийкарында мийирбийкелерди таярлаў басланды. Буның даўамы сыпатында Германия, Швейцария, АҚШ сыяқлы мәмлекетлердиң билимлендириў бағдарламалары алып келинеди.

ӨзА