Жерден нәтийжели пайдаланыў ўазыйпалары белгиленди

51

Қоңырат районында аўыл хожалығы жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, гүзги сүрим ҳәм лазерли тегислеў процесслерин әмелий үйрениўге арналған семинар болып өтти.

Онда районы ҳәкими Б.Мадаминов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Аўыл хожалығы министри Ш.Тешаев, тийисли тараў басшылары, аўыл хожалығы бөлими қәнигелери, агрономлар ҳәм фермерлер қатнасты.

Семинар даўамында жерлердиң структурасын жақсылаў, гүзги сүримниң абзаллықлары, алдағы егис мәўсиминде жоқары зүрәәт алыў бойынша әмелий усыныслар берилди. Сондай-ақ, аймақта топырақ өнимдарлығын арттырыў, шорланыў процесин азайтыў ҳәм лазерли тегислеў арқалы жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги