Исбилерменлик қоллап-қуўатланбақта

Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң исбилерменлер ушын шөлкемлестирилген мүрәжат ботына келип түскен машқалаларға унамлы шешим табыў мақсетинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаевтың қабыллаўы өткерилди.
Онда ең дәслеп республикамыз басшысы соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм оны қоллап-қуўатлаў, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша қабыл етилген арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында жаратылған имканиятларды кең түрде атап өтип, бундай қолайлылықлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлигине тоқталды.
Буннан соң исбилерменлердиң мүрәжатлары тыңланып, олардың билдирген мәселелерине өз орнында шешимин табыў илажлары көрилди.



Атап айтқанда, қабыллаў даўамында исбилерменликти раўажландырыў бағдарында ушырасып атырған машқалалар, оларды қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыў мәселелери, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жер орынларын ажыратыў, бюрократиялық тосқынлықлар, ислеп шығарыў ҳәм өндиристи кеңейтиў бағдарындағы мүрәжатлар билдирилди.
Ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен билдирилген мәселелердиң басым көпшилигине орнында шешимин табыў илажлары көрилип, белгили ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм оларды тез пурсатта унамлы шешиў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги