Қоңырат районында заманагөй IТ-орайы қурылмақта

32

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 1-апрельдеги ПҚ-132-санлы қарары менен тастыйықланған Қоңырат районын 2025-2026-жылларда жедел комплексли раўажландырыў бағдарламасы тийкарында районда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Усы бағдарлама шеңберинде районда пайдаланыўдан шыққан ески ПҲАЖ имараты реконструкцияланып, оның орнында заманагөй “IТ-орайы” ҳәм “Муҳаммад ал-Хорезмий мийрасхорлары” жойбары ушын инновациялық билимлендириў майданы шөлкемлестирилмекте. Бул жойбар “KONA QAL’A MANGIT”  ЖШЖ тәрепинен әмелге асырылмақта. Жойбардың баҳасы 1 миллиард 856 миллион сумды қурайды.

Бул орай жаслар ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етеди. Жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет – заманагөй мәлимлеме технологияларын терең үйретиў, жасларды IТ тараўына кеңнен тартыў, олардың бәсекиге шыдамлы кәсип ҳәм көнликпелерди ийелеўин қоллап-қуўатлаў болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги