Өзбекстан-Америка: стратегиялық шерикликтиң жаңа бағдарлары

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 4-6-ноябрь күни әмелий сапар менен Вашингтог қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 6-ноябрь күни Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШ жетекшилериниң “С5+1” форматындағы саммити илажлары шеңберинде бир қатар абырайлы делегациялардың басшылары, халықаралық шөлкемлер ҳәм ири компаниялардың жетекшилерин қабыллады.
АҚШ Экспорт-импорт банкиниң басшысы Жон Йованович пенен ушырасыўда усы абырайлы институт пенен таярланған биргеликтеги бағдарлама тийкарында энергетика, әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы, МТ ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы ири жойбарларды қаржыландырыў бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.
Эксимбанк ҳүкиметтиң рәсмий экспорт-кредит агентлиги болып, АҚШ компанияларының сыртқы экономикалық жумысын қоллап-қуўатлайды ҳәм оларға қамсызландырыў, кепиллик ҳәм кредит қуралларын усынады.
Эксимбанктың мәмлекетимиз авиапаркин модернизациялаў ҳәм “Boeing” самолётларын жеткерип бериўдеги қатнасына айрықша итибар қаратылды. Әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм Узақ мүддетли шериклик режесин ислеп шығыўға келисип алынды.
Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы жанында Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм АҚШ Эксимбанки арасында қол қойылған Биргеликтеги жойбарларды қаржыландырыў ҳаққындағы келисим алмасылды.
АҚШ Халықаралық финанслық раўажланыў корпорациясы (DFC) бас директоры Бен Блэк пенен ушырасыўда жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер ҳәм саўда-инвестициялық бирге ислесиў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Энергетика, әҳмийетли минераллар, қаржы, транспорт, аўыл хожалығы ҳәм МТ тараўларында ири биргеликтеги басламалар ислеп шығылмақта.
Әмелий шерикликти тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды. Тийкарғы жойбарларды қаржыландырыў ушын биргеликтеги инвестициялық платформаны жаратыўды жеделлестириў, киши бизнести қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Ташкент қаласында корпорацияның регионаллық офисин ашыў бойынша анық илажлар көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы корпорацияның инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қатнасыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти.
(DFC) – АҚШтың миллий раўажланыў институты болып, раўажланып атырған мәмлекетлерде инфраструктура ҳәм санаат жойбарларын әмелге асырыў ушын жеке капиталды мобилизациялаў менен шуғылланады.
“General Motors International” компаниясының глобал атқарыўшы директоры Шилпан Амин менен ушырасыўда усы корпорация менен узақ мүддетли бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Компанияның мәмлекетимиз автомобиль санаатын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаўдағы әҳмийетли орны атап өтилди.
Соңғы 5 жыл ишинде компания тәрепинен 1,6 миллион дана автомобиль ислеп шығарылды, Өзбекстан “Chevrolet” бренди ушын АҚШтан кейин екинши ири базарға ҳәм Орайлық Азия ҳәм ҒМДА базарларында сатыўлар бойынша жетекшиге айланды.
Өндирис кооперациясын буннан былай да раўажландырыў, өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм локализациялаўды тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.
Заманагөй машина қурылысында талап жоқары болған жаңа технологиялар ҳәм шийки зат ресурслары тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.
Америка Қурама Штатлары саўда министри Ховард Латник пенен ушырасыўда Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, саўда ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди жеделлестириў, экономиканың түрли тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Көп қырлы Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми 4 есеге көбейип, дерлик 1 миллиард долларға жетти. Өзбекстанда АҚШтың 300 ден аслам компаниясы табыслы жумыс алып бармақта, санаат, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм инновация тараўларында бир қатар ири кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Саўда байланысларын беккемлеў, аймақлараралық бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмлерин жаратыў, сондай-ақ, Муўапықластырыўшы кеңести шөлкемлестириўден еки тәреп те мәпдар екени атап өтилди.
Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. АҚШтан соя ҳәм пахта жеткерип бериў, сондай-ақ, Американың алдынғы тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша дәслепки шәртнамалар дүзилген.
Сөйлесиўлер жуўмағында биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық платформаны жаратыў арқалы әмелий бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.
АҚШтың жетекши компаниялары, инвестиция фондлары ҳәм қаржы институтларының ўәкиллери менен өткерилген дөгерек сәўбетинде АҚШ саўда министри Ховард Латник, Президенттиң арнаўлы жәрдемшиси Рикки Гил, Президенттиң арнаўлы ўәкили Паоло Замполли, аўыл хожалығы министриниң орынбасары, “Traxys”, “FLSmidth”, “BCG ”, “Meta”, “Google”, “Amazon”, “Boeing”, “Air Products”, “Axiom Space”, “Cove Capital”, “Freeport-McMoRan”, “Orion CMC”, “Cargill Cotton”, “John Deere”, “Honeywell”, “Valmont Industries”, “Flowserve Corporation” сыяқлы ири корпорация ҳәм компанияларының жоқары дәрежедеги менеджерлери қатнасты.
Ушырасыў алдында Өзбекстан жетекшиси соңғы 8 жыл ишинде АҚШ пенен товар алмасыў көлеми 4 есеге артқаны, мәмлекетимизде АҚШтың 300 ден аслам компаниясы табыслы жумыс алып барып атырғанын атап өтти.
Президентимиз бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежеси биргеликтеги жумысларға кең перспектива ашатуғын жаңа басқыштың басланыўы екенин айрықша атап өтти. АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен болажақ ушырасыўда экономикалық бирге ислесиўдиң анық бағдарлары ҳәм жаңа биргеликтеги басламалар додаланатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде еки ел арасындағы стратегиялық шерикликтиң тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.
2030-жылға барып Өзбекстанда 18-20 гигаваттлық қайта тиклениўши қуўатлықларға ийе жаңа энергетика системасы жаратылады, электр энергиясының ярымынан көби қуяш ҳәм самал энергиясы есабынан ислеп шығарылады.
Усы мәнисте, Өзбекстан ҳәм АҚШ уран, мыс, вольфрам, молибден ҳәм графит қазып алыў және терең қайта ислеўди раўажландырады. Исенимли жеткерип бериў шынжырларын жаратыў ҳәм АҚШтың алдынғы қайта ислеў технологияларын енгизиў режелестирилген.
Буннан тысқары, автомобиль ҳәм темир жоллар, терминаллар ҳәм аэропортларды модернизациялаў бойынша кең көлемли бағдарлама әмелге асырылмақта. 2030-жылға шекем транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға 12 миллиард доллардан аслам қаржы қаратыў режелестирилген.
АҚШтың “Google”, “Meta”, “NVIDIA” компаниялары менен санлы бирге ислесиў кеңеймекте. Apple Pay ҳәм Google Pay төлем системаларын енгизиў, Санлы академия ҳәм стартап-хаблар тармағын жаратыў усылардың қатарына киреди.
Бундай жойбарларды алға қойыў ҳәм қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын DFC корпорациясы ҳәм АҚШ Эксимбанки тартылатуғыны айтылды.
Жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев АҚШ компанияларының инвестициялық басламаларын жеке өзи қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирип, Өзбекстан сырт ел инвесторлары ушын исенимли шерик ҳәм табыс кепили болып қалатуғынын атап өтти.
АҚШтың жетекши компаниялары, инвестициялық фондлары ҳәм қаржы институтларының басшылары менен өткерилген дөгерек сәўбети жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм АҚШ саўда министри Говард Латниктиң қатнасыўында еки тәреплеме келисимлерди алмасыў мәресими болды.
Атап айтқанда, төмендеги ҳүжжетлерге қол қойылған:
– Геология министрлиги ҳәм “Denali Exploration group” компаниясы арасында сийрек ушырасатуғын жер элементлерин ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры ҳәм “Re Element Technologies”компаниясы арасында сийрек ушырасатуғын металлар тараўында жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм “Flowserve” компаниясы арасында насос станцияларын модернизациялаў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;
– Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм “Valmont Industries Inc” компаниясы арасында суўды үнемлейтуғын заманагөй технологияларды енгизиў ҳаққында келисим;
– Санлы технологиялар министрлиги ҳәм “Palo Alto Networks” компаниясы арасында жасалма интеллект тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳаққында келисим;
– “Uzairways” ҳәм “Boeing” компаниялары арасында самолётларды жеткерип бериў бойынша шәртнама;
– “Datacrop” ҳәм “Luis Dreyfus Company” компаниялары арасында соя собықлары ҳәм шрот жеткерип бериў бойынша шәртнама;
– “Ўзсаноатэкспорт” ҳәм “Cargill” ” компаниясы арасында пахта жеткерип бериў бойынша шәртнама.
ӨзА