Trend.Az: Өзбекстан С5+1 саммити алдынан АҚШ пенен экономикалық бирге ислесиўди күшейтти

Әзербайжанның “Trend” мәлимлеме агентлигиниң сайтында жәрияланған мақалада жазылыўынша, Орайлық Азияда глобаллық күшлер өз позицияларын беккемлеп атырған бир ўақытта Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан ҳәм АҚШтың қатнасыўындағы С5+1 форматы қәўипсизлик, инвестиция ҳәм турақлы раўажланыў бойынша сөйлесиўди тереңлестирип атырған әҳмийетли майданға айланды. Усы мәниде 6-ноябрь күни Вашингтонда болып өтетуғын гезектеги саммит бул бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериўи күтилмекте.
Дерек Өзбекстан ушын саммит стратегиялық әҳмийетке ийе екени, мәмлекет АҚШ пенен тығыз бирге ислесиўши статусын беккемлеў, инвестиция тартыў ҳәм халықаралық майдандағы тәсирин арттырыўды мақсет еткенине айрықша тоқтап өткен:
– Ташкент ҳәм Вашингтон әллеқашан инновация ҳәм энергетика бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў жолында анық қәдемлер таслаған: “Schlumberger”, “Baker Hughes” ҳәм “Air Products” қатнасыўында газ-транспорт инфраструктурасын жетилистириў ҳәм таза энергия шешимлерин енгизиўге қаратылған шама менен 4 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, әҳмийетли пайдалы қазылмаларды излеў ҳәм қайта ислеў бойынша меморандумға қол қойылып, глобаллық энергияға өтиў шараятында шериклик жедел раўажланбақта.
Ташкент позициясы сентябрь айында Президент Шавкат Мирзиёевтиң АҚШқа сапары даўамында және де беккемленди: “Өзбекстан ҳаўа жоллары” менен “Boeing” арасында 22, “Boeing-787 Dreamliner” жеткерип бериўди нәзерде тутатуғын 8 миллиард долларлық келисим жәрияланды. Қәнигелер бул жойбарды Ташкенттиң регионаллық авиация орайы сыпатындағы абырайын күшейтетуғын фактор, соның менен бирге, Европа ҳәм Арқа Америкаға тиккелей рейслер ушын платформа сыпатында баҳаламақта.
“Trend.Az” болажақ саммитте инфраструктура ҳәм энергетика жойбарлары, санлы интеграция, регионаллық турақлылық, сондай-ақ, кибер қорғаў мәселелери көтерилиўин болжаған. Өзбекстан логистика, қайта тикленетуғын энергия ҳәм әҳмийетли минераллар бойынша басламаларды алға қойып атырғаны, бул тараўлар мәмлекет ҳәм регионның экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилген.
С5+1 АҚШ ушын Орайлық Азияда экономикалық тәсирди күшейтиў, соның ишинде, “Жасыл Өзбекстан” бағдарламасы шеңберинде қуяш ҳәм самал жойбарларына компанияларды тартыў имканияты болып есапланады. Қурама Штатлардың Әзербайжандағы бурынғы елшиси Метью Бриздиң пикиринше, “инвестиция ҳәм Америка компанияларының қатнасыўын дипломатия қуралы сыпатында қолланыў С5+1 форматын ҳәр еки тәреп ушын пайдалы стратегиялық қуралға айландырады”.
Жуўмақ орнында автор Өзбекстанның экономикалық реформа ҳәм технологиялық раўажланыў, билимлендириў тараўындағы өсиў бир ўақыттың өзинде қоллап-қуўатланып атырған көп тәреплемели стратегиясын тән алған. Бундай көзқарас Ташкент ушын АҚШ пенен сөйлесиўде пүткил регионның мәпин сәўлелендиретуғын белсенди мәмлекет ўазыйпасын атқарыў жуўапкершилиги екенин атап өткен.
Абдуазиз Хидиров, ӨзА