Ар-Риёд қаласында гүрес, бокс ҳәм футзал беллесиўлери өткериледи

85

Саудия Арабстанының пайтахты Ар-Риёд қаласында VI Ислам тилеклеслиги ойынларының рәсмий ашылыў мәресимине бир күн қалғанда бағдарламаға муўапық айырым спорт түрлеринде жарыслар қызғын даўам етпекте.

Соның ишинде, футзалшылар әллеқашан дәслепки ойынларды өткерген болса, бүгин, 6-ноябрьден бокс бойынша бир қатар салмақ категорияларында сайлап алыў жарыслары шөлкемлестириледи.

Бүгин футзалшыларымыз Әзербайжан сайланды командасы менен 2-тур ушырасыўын өткереди. Шек таслаўдың нәтийжелерине бола, 3 боксшымыз шерек финал беллесиўлеринде рингке шығады.

Бүгин сондай-ақ, Ислам тилеклеслиги ойынларында миллий спорт түри бойынша көргизбели жарыслар шөлкемлестириледи.

Гүрес беллесиўлеринде ер адамлар -66, -81 килограммда, ҳаял-қызлар -57 ҳәм -70 килограмм салмақта беллеседи.

Өзбекстан сайланды командасы тренерлери Ризамат Солиев ҳәм Дилфуза Раҳматова тренерлигиндеги 4 спортшымыз гүрес беллесиўлеринде Ўатанымыздың абырайын қорғайды.

Еслетип өтемиз, 57 мәмлекеттиң 4 мыңға шамалас спортшыларының қатнасыўындағы Ислам тилеклеслиги ойынлары 21-ноябрьге шекем даўам етеди.

Тўлқин Рўзиев, ӨзА