Даррен Спинк: C5+1 C5+3 формасында кеңейиўи мүмкин

124

“Henry Jackson Society” аналитикалық орайының илимий хызметкери Даррен Спинк АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы қатнасықларды раўажландырыў перспективасы ҳаққындағы пикирлери менен ортақласты.

– Мениңше, бул ретки саммит Орайлық Азия менен бирге Қубла Кавказдың үстинлигин де атап өтеди. Яғный, C5+1 ақырында C5+3 формасына келиўи, форматқа Әзербайжан, Армения ҳәм Грузия да қосылыўы мүмкин. Бул мәмлекетлер Орайлық Азия мәмлекетлери сыяқлы Орта коридорды раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Екиншиден, Америка миллий мәпи ҳәм тәмийнат шынжыры қәўипсизлиги ушын Орайлық Азия турмыслық әҳмийетке ийе екени барған сайын айқынласпақта. АҚШ Президенти кейинги үш жылда бул регион менен байланысларды беккемлеў нийетин билдиреди. Бунда алдынғы администрациялардың тәжирийбесине сүйенеди. Яғный, тек ғана байланысларды сақлап қалыў емес, ал шерикликти раўажландырыў ушын анық қәдемлер тасланады. Усы көзқарас өз-ара пайдалы – Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикасы ҳәм сиясий тәсирин беккемлейди, Қурама Штатларға болса өзиниң стратегиялық мәпин қорғаў имканиятын береди.

Үшинши мәселе – транзит жөнелислерин диверсификациялаў көзқарасынан Орта коридордың әҳмийетин баҳалаў. Бул процессте тек мәмлекетлик емес, ал жеке меншик сектордан да инвестиция тартыўға айрықша итибар қаратылады. Нәтийжеде әҳмийетли минераллар бойынша сөйлесиўди раўажландырыў имканияты пайда болады ҳәм Орайлық Азияда да, Қурама Штатларда да экономикалық өсиў хошаметленеди.

АҚШ технология, инновация ҳәм минерал қазып алыў менен тиккелей байланыслы болмаған тараўларға да инвестиция киргизеди.

Ҳәзир еки тийкарғы бағдарды белгилеў мүмкин. Бириншиден, сийрек ушырасатуғын жер элементлери ҳәм әҳмийетли минералларды қазып алыў, қайта ислеў. Екиншиден, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў.

Буннан тысқары келешекте бажы тәртибин әпиўайыластырыўға келисилиўи ҳәм итимал Жексон-Вэник дүзетиўи бийкар етилиўи мүмкин.

Егер Президент Дональд Трамп бул ескирген қағыйданы өзгертиўди ашық-айдын қоллап-қуўатласа, бул әҳмийетли қарар болар еди. Демек, қарар атқарыўшы емес, ал нызам шығарыўшы ҳәкимиятқа тийисли. Соның ушын көп нәрсе Президенттиң Каспий регионы ҳаққындағы көзқарасы ҳәм ески шеклеўди қайта көрип шығыў зәрүрлигин қоллап-қуўатлайтуғын Конгресс басшылары, атап айтқанда, Республикашылар партиясы ағзаларының позициясына байланыслы.

Қулласы, Қурама Штатлар Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ бенен шериклик бойынша анық стратегия ислеп шығыўы мақсетке муўапық. Бундай ҳүжжет Америка санааты ушын жүдә әҳмийетли есапланған инвестиция ҳәм сийрек ушырасатуғын жер элементлериниң қәўипсиз транзитин нәзерде тутады.

ӨзА