МОБ: шаңарақ жарастырылды

57

Қәдириятларымызда шаңарақты сақлаў, оның беккемлигин тәмийинлеў ийгиликли әмеллерден болып табылады. Бул бағдарда Мәжбүрий орынлаў бюросы хызметкерлери алимент қарыздарлығын өндириў менен бирге, ажырасқан шаңарақларды жарастырыўға да үлес қоспақта.

Мәҳәлле ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери, турмыс тәжирийбесине ийе нураныйлар, дин ўәкиллери ҳәм басқалар менен биргеликте түсиник жумыслары алып барылмақта.

Атап айтқанда, Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судының 2025-жыл 22-январьдағы орынлаў ҳүжжетине бола, Ж.Ж.дан бурынғы өмирлик жолдасының пайдасына, оның тәрбиясындағы ержетпеген үш перзентиниң тәмийнаты ушын 18 миллион сум муғдарында алимент өндириў белгиленген.

Усы суд буйрығы тийкарында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қанлыкөл районлық бөлиминиң мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен орынлаў иси қозғатылды ҳәм қарыздар жасайтуғын мәнзилге өндириў мақсетинде бир неше мәрте барылғанда Қазақстан Республикасына шығып кеткенлиги анықланып, оған излеў жәрияланған.

Быйылғы жылдың 17-октябрь күни Бюроның Қарақалпақстан Республикасы излеў секциясы тәрепинен алып барылған оператив излеў илажлары нәтийжесинде қарыздар Қанлыкөл районынан табылып, ажырасқан шаңарақты жарастырыў мақсетинде қарыздар ҳәм өндириўшиге түсиник жумыслары алып барылды. Нәтийжеде өндириўши бирге жасаў нийетин билдирип, алимент өндириў ҳаққындағы суд қарарының орынланыўын тамамлаўды сорап, өтиниш хатын тапсырған.

Ержетпеген үш перзент болса, және толық шаңарақ орталығында кәмалға келетуғын болды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги