Әмиўдәрьяда “Жергиликли Кеңеслердиң жумысын үлгили шөлкемлестириў” атамасында семинар болып өтти

72

Әмиўдәря районы ҳәкимлигинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты аппаратының Аймақлық ўәкилликли уйымлар жумысын үйрениў орайы тәрепинен “Жергиликли Кеңеслердиң жумысын үлгили шөлкемлестириў” атамасында көргизбели семинар шөлкемлестирилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарапат Отемисов, халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң баслығы, район ҳәкими Собир Хожаметов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм районлық Кеңестиң депутатлары, жергиликли Кеңестиң секретариаты хызметкерлери, Кеңес жанындағы “Жаслар мәсләҳәт топары”ның ағзалары, сиясий партиялардың басшылары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Семинар даўамында “Халық депутатлары жергиликли Кеңесиниң турақлы комиссияларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў” атамасында баянат тыңланып, тәжирийбе алмасылды. Депутатлар тәрепинен районның социаллық-экономикалық раўажланыўына қосып атырған үлеси, олардың халықтың машқалаларын шешиўдеги орны, сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлардың жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Илаж шеңберинде қатнасыўшылар жергиликли Кеңестиң жумысы, депутатлардың басламалары ҳәм олардың орынлардағы халық пенен өз-ара бирге ислесиў механизмлери менен жақыннан танысты.

Усы семинар жергиликли Кеңеслер жумысын және де жетилистириў, депутатлардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик турмыстағы ролин беккемлеўге хызмет етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги