Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў мәселелери додаланды

47

Көпшиликтиң хабары болғанындай, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 19-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериў ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәзирги күнлери  республикамызда қызғын таярлық жумыслары алып барылмақта.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарҳод Эрманов басшылығында Республикалық көлемде шөлкемлестирилген штабтың гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасынан халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажын өткериўди шөлкемлестириў бойынша бириктирилген комиссия баслығы суў хожалығы министри Ш. Ҳамроев ҳәм республикалық комиссия ағзалары қатнасты.

Мәжилис даўамында халықтың демографиялық жағдайы, социаллық-экономикалық көрсеткишлери, жасаў дәрежеси ҳәм абаданлығы, сондай-ақ, аўыл хожалығының ҳәзирги жағдайы ҳаққындағы мағлыўматларды анық ҳәм исенимли түрде қәлиплестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Соның менен бирге, дизимге алыў процеси арқалы халықты тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеў перспективаларын таллаў ҳәм баҳалаў ушын зәрүр болған мағлыўматлар базасын жаратыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте Президент Пәрманының орынланыўын нәтийжели тәмийинлеў мақсетинде районда шөлкемлестирилген штаблардың тийкарғы ўазыйпалары, орынланыўы керек болған жумыслар, әмелге асырылатуғын шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий ис-илажлар режеси белгилеп алынды. Сондай-ақ, дизимге алыў жумысларында қатнасыўшы хызметкерлердиң маманлығын арттырыў, халыққа бул процесстиң мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндириўге қаратылған үгит-нәсият жумысларын күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Фарҳод Эрманов тараў жуўапкерлерине анық ўазыйпалар жүклеп, жумысларды сапалы ҳәм белгиленген мүддетлерде орынлаў бойынша тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги