Кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик халқымызға тән әдет

Халықаралық кеңпейиллик күни мүнәсибети менен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Өзбекстан – улыўма үйимиз» сүрени тийкарында «Биз – бир шаңарақ перзентлеримиз!» атамасында дослық фестивалы болып өтти.
Илажға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайының бөлим баслығы, тарийх илимлери бойынша философия докторы Жонибек Жумаев, усы орайдың үлкен илимий хызметкери Абдулвосит Мамадалиев, орайдың диний-ағартыўшылық илажлар бөлиминиң илимий хызметкери Баёзхон Маҳмудов ҳәм басқалар қатнасып, Өзбекстандағы кеңпейиллик сиясатының турмысымыздағы әҳмийетин атап өтти. Өзбекстанда соңғы жыллары бул бағдарда әмелге асырылып атырған реформалар кең түрде додаланды.
Фестиваль қатнасыўшылары дәслеп Әжинияз музейинде болып, бул жердеги экспонатлар менен танысты. Мийманлар бул жерде уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм дөретиўшилиги, сондай-ақ, институт тарийхы бойынша баҳалы мағлыўматларға ийе болды.

Сондай-ақ, фестиваль шеңберинде институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қувондиқ Қодиров басшылығында «Жаўызлыққа қарсы – ағартыўшылық пенен» идеясы тийкарында руўхый-ағартыўшылық сәўбетлери шөлкемлестирилип, онда халықлар арасындағы татыўлық, кеңпейиллик, миллетлер арасындағы дослық ҳәм аўызбиршиликтиң жәмийеттеги тутқан орны ҳаққында сөз етилди.
– Елимизде кеңпейиллик сиясий ямаса ағартыўшылық сүрен емес, ал, халқымыздың турмыс тәризине айланған, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Дин ислери бойынша бас қәнигеси Худайберген Незаматов. – Бүгинги күнде бул принцип мәмлекет сиясатынан тысқары ҳәр бир шаңарақ, мәҳәлле ҳәм ҳәр бир инсан қәлбинде өз сәўлелениўин таппақта.
Илаж институттың «Тумарис» халық ансамбли ағзалары ҳәм қәбилетли жасларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги