«WikiMarafon» арқалы жасларымыз өзбек тилин дүньяға танытпақта

Елимизде жасларды ўатансүйиўшилик, миллий дәстүр ҳәм қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларды руўхый жетик, физикалық жақтан саламат етип камалға келтириў және ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен жигит-қызлардың дүньяға көзқарасын өсириўге қаратылған жойбарлар жолға қойылмақта.
Әне, усылардан бири «WikiMarafon» жойбары болып, интернет әлеминде өзбек тилиниң абырайын ҳәм имканиятларын кеңейтиўге хызмет етпекте. 2022-жылы 20-майда өзбек Википедиясын байытыў арқалы өзбек тилин раўажландырыўға қаратылған «WikiMarafon» жойбары басланғанында өзбек Википедиясындағы мақалалар саны 140 мың әтирапында еди. Бул сан бүгинги күнге келип 309 мыңнан артты. Ондағы редакциялар саны болса 2,5 миллионнан 5,7 миллионға өскен. Мақалалардың тийкарғысы мәмлекетимиз жасларының жумысынан ибарат.
Бүгинги күнге шекем, жойбар себепли өзбек тилиндеги Википедиядағы пайдаланыўшылардың саны 880 нен артып, бетлердиң саны 1,1 миллионға жетти. Ҳәзирги ўақытта ондағы сөзлердиң саны 63 миллионнан артқан. Бул арқалы жәҳән рейтингиндеги орнын және де беккемлеп, 62-орыннан 40-орынға көтерилди.
– Ҳәзирги күнге келип өзбекше Википедия Орайлық Азия мәмлекетлери Википедиясы арасында 1-орынды, түркий тиллер арасында болса 3-орынды ийелемекте, – деди жойбар басшысы Шоҳжаҳон Собиров. – Бул санлар қысқа мүддет ишинде ерисилген үлкен жетискенликлердиң тек ғана бир бөлеги. «WikiMarafon» ҳәр бир жасты өз үлесин қосыўға шақырады: мақала жазыў, редакторлаў, мағлыўматларды өзбек тилинде байытыў арқалы биз өз тилимизди глобаллық сахнаға алып шығамыз. Жойбар шеңберинде китапқумар жаслар ушын бир неше таңлаўларды өткердик. Студент ҳәм жаслар арасында руўхый-ағартыўшылық ҳәм тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, олардың сабақтан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў мақсетинде шөлкемлестирилген таңлаўларда көплеген жасларымыз қатнасып китаплар топламларын қолға киргизди.
Сондай-ақ, ««WikiMarafon» жойбары шеңберинде жаслар “WikiIELTS” таңлаўында қатнасыў арқалы IELTS имтиханын бийпул тапсырыў имканиятын беретуғын ваучерлерди жеңип алды. Таңлаў шәртлери жүдә әпиўайы болып, дәслеп қатнасыўшылар бот арқалы дизимнен өтти, оларға берилген текстти өзбек тилине шеберлик пенен аўдарып, қайта жүкледи.
Бир сөз бенен айтқанда, «WikiMarafon» жойбары жасларға кең имканиятлар жаратыў менен бирге, өзбек тилиниң абырайын арттырыўға хызмет етпекте.
Гулноза Бобоева, ӨзА