Бәсеки комитети шығынды тасыў кәрханаларына илаж көриўди талап етти

Халықтың турмысы ҳәм қала тазалығына тиккелей тәсир ететуғын шығынды тасыў хызметлеринде сапаның төменлеўи ҳәм тийкарсыз қарыздарлық жағдайлары көбеймекте.
Усы мүнәсибет пенен Бәсеки комитети усы тараўдағы кәрханалардың жумысын үйренип, тийисли көрсетпелер жиберди.
Бәсеки комитети ҳәм оның аймақлық басқармаларына пуқаралардан қатты турмыслық шығынды тасыў хызметлерин көрсетиўши шөлкемлер тәрепинен тийкарсыз қарыздарлық есапланыўы, шығындылар белгиленген дәўирде алып кетилмей атырғаны ҳәм сапасыз хызмет көрсетилип атырғаны сыяқлы мәселелер бойынша усы жылдың өткен тоғыз айында мыңға шамалас мүрәжат келип түскен.
Мүрәжатлардың үлкен бөлеги Наманган, Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья, Ташкент, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларына тийисли.
Соның менен бир қатарда, Комитет Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында бул бағдарда үйрениўлер өткергенинде тутыныўшыларға көрсетилмеген хызметлер ушын қарыздарлық есапланғаны да анықланған.
Мысал ушын, Сырдәрья ўәлаятында хызмет көрсетиўши шөлкем тәрепинен турмыслық шығындыларды алып шығып кетиў кестесине әмел етилмегенлиги ақыбетинде қоршаған орталықта шығындылар көп муғдарда жыйналған, бирақ соған қарамастан пуқаралар көрсетилмеген хызметлер ушын ҳақы төлеген. Қайта исленген есап-санақлар нәтийжесинде 628 млн. сум тутыныўшылардың пайдасына шешилиўи тәмийинленди.
Жоқарыдағыларға тийкарланып, Комитет тәрепинен елатлы пунктлерден қатты турмыслық шығындыларды белгиленген мүддет ҳәм сапада тасып шығарылыўын тәмийинлеў ҳәм тийкарсыз қарыздарлық есапланыўының алдын алыў илажларын көриў бойынша Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлигине көрсетпе жиберилди.
Нигора Раҳмонова, ӨзА