Мәҳәллелерде тәбийғый газ тәмийнаты және де жақсыланды

Ҳәзирги ўақытта Тақыятас районында тутыныўшыларға үзиликсиз тәбийғый газ жеткерип бериў, хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бағдарында кең көлемли илажлар алып барылмақта.
Тақыятас районлық газ тәмийнаты бөлими тәрепинен 2025-2026-жылғы гүзги-қысқы мәўсим ушын газ тармақларын реконструкциялаў режесиндеги 9,9 километр газ қубырларын оңлаў, жағдайын жақсылаў, хызмет мүддетин узайтыў бойынша анық жумыслар әмелге асырылмақта.
Гүзги-қысқы мәўсимге таярлық шеңбериндеги жумысларды үйрениў даўамында анықланған кемшилик ҳәм насаз жағдайлар тезлик пенен сапластырылмақта. Атап айтқанда, райондағы «Кенегес» аўыл пуқаралар жыйынындағы жер асты жоқары басымлы тармақтың 1 километр 500 метр, «Абат мәкан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы жер асты орта басымлы тармақтың 1 километр 800 метр бөлеги жер үстине шығарылып, «Қусшылық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы тармақтың 2 километр 500 метр бөлегин реконструкциялаў жумыслары алып барылды.
– Тийкарғы мақсетимиз пайдаланыў мүддети 30-40 жылдан асқан газ тармақларымызды оңлап, автоматластырылған газ бөлистириў станциялары қабыл етип алған газлерди тутыныўшыларға ысырапсыз жеткерип бериў, – дейди «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» филиалы жетекши қәнигеси Руслан Ғаррыбаев.
Сондай-ақ, бүгинги күнге шекем районның «Нурлы келешек» МПЖ ҳәм «Найманкөл» АПЖ ға тартылған жер асты орта басымлы газ тармағының 2 километр 500 метр бөлеги жер үстине шығарылып, реконструкцияланды. Нәтийжеде 8 мың 572 хожалықтағы тәбийғый газ тәмийнаты және де жақсыланыўына ерисилди.






– Районымызда халықты газ бенен үзиликсиз тәмийинлеў бағдарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта, – дейди мийнет нураныйы Жолдасбай Алламбергенов. – Әмелге асырылған илажлар себепли үйлеримиз ыссы, кеўлимиз қәтержам болмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги