Раўажланыўдыӊ душпанлары

138

Бүгинги күнде барлық тараўларда халыққа қолайлық жаратыў, қалаберди, санластырыў системасын буннан былай да жетилистириўге итибар қаратылмақта. Буннан гөзленген мақсет көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм ўақыттың босқа жумсалыўының алдын алыўдан ибарат.

Соның ишинде, жәмийетлик транспорттан пайдаланыў бойынша да жаңа тәртип-қағыйдалар ислеп шығылды. Атап айтқанда, жол ҳақы төлемлерин карта арқалы әмелге асырыў енгизилип, онда халыққа бир қатар жеңилликлер ҳәм қолайлықлар берилди.

Бирақ, ҳәр қашан да реформалар жетерли дәрежеде түсинилмейди. Оның шегараларын билип-билмей бузып өтиўшилер табылады. Бундайлар, сөзсиз, раўажланыў душпанлары.

Гәп сонда, бүгинги күнде автобуслардан пайдаланып, төлемди әмелге асырмай атырған жолаўшылар да көп ушыраспақта. Буның ақыбетлери турақлы ескертиледи.

– Мен жәмийетлик транспортлардан, атап айтқанда, автобустан турақлы пайдаланаман, – дейди Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң үшинши курс студенти Шахриёр Боймирзаев. – Гейде автобустан түсип атырғанда жол ҳақысын төлемей кетип баратырған жолаўшыларға көзим түседи. Бул мени де таңландырады, соның менен бирге ашыўландырады. Себеби, адам 1700 сум үнемлеп, ҳеш қашан бай болып қалмайды. Бундайлардың нызамларды ҳүрмет етпеўи ҳүждансызлықтан деп билемен. Себеби ҳүжданына бойсынған адамға ҳеш қандай қағыйда өлшем бола алмайды.

Ҳақыйқатында да, раўажланыўдың жоқарылаўы киши факторлардан басланады. Буған тек ғана ҳүкимет емес, ал пүткил миллет жуўапкер. Солай екен, ҳәр биримиз өз жуўапкершилигимизге бийпәрўа болмаўымыз шәрт. Сонда ғана биринши гезекте адамгершилигимизге, қалаберди, усы әзиз елимизге мүнәсип бола аламыз. Өйткени, Ўатанымыздың раўажланыўына үлес қосыўшылар қатарында турыў мақтанышынан айырылмайық. Ең болмаса, буған тосқынлық етпеў де пайдадан аўлақ емес.

Шербек Исломов, ӨзА