Келинге дүнья мал-мүлклери қайтарып алып берилди

Ҳәзирги ўақытта жас шаңарақлардың бахыт тойына қыздың туўысқанлары тәрепинен тойға саўға деп бир дүнья мал-мүлк бериў дәстүрге айланған.
Бирақ турмысы келиспеген жаслар арасында бақланып атырған ажырасыўлардан соң күйеў тәрепинен келинге қосып берилген мал-мүлклерди қайтармаў жағдайлары да жоқ емес. Бундай жағдайларда келинге берилген саўға мал-мүлклерди қайтарыў мәселеси суд тәртибинде шешилип, Мәжбүрий орынлаў бюросы уйымлары тәрепинен алып бериледи.
Мәселен, пуқаралық ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районы судының усы жылдың 26-сентябрьдеги орынлаў ҳүжжетине тийкарланып, даўагер Ж.Х.ға жуўапкер Е.Б.дан оның жасаў мәнзилинде турған 27 миллион сумнан артық 52 атамадағы саўға мал-мүлкин алып бериў белгиленген. Усы ҳүжжет тийкарында Мәжбүрий орынлаў бюросы Әмиўдәрья районы бөлими хызметкерлери тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди.
Атап айтқанда, орынлаў ҳүжжетиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бөлим хызметкерлери тәрепинен жуўапкердиң жасаў мәнзилине барылды. Көрсетилген қарсылықларға қарамастан 52 атамадағы барлық саўға мал- мүлк даўагер Ж.Х.ға алып берилип, суд қарарының орынланыўы әмелде тәмийинленген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги