Санлы әсирде авторлық ҳуқықына талап ҳәр қашанғыдан да жоқары

77

Электрон технологиялар раўажланған дәўирде, сөзсиз, инсан дөретиўшилиги өнимлериниң қәдири және де артып бармақта. Бүгин интернет, социаллық тармақлар, жасалма интеллект ҳәм санлы ғалаба хабар қураллары арқалы шығармалар бир секундта миллионлаған пайдаланыўшыларға жетип барады. Бирақ бул процесслерде авторлық ҳуқық ҳәм оған байланыслы мәселелер барлық ўақытта да қағыйдаларға жуўап бере бермейди. Усы процессте авторлық ҳуқықты қорғаў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Себеби, авторлық ҳуқық  бул тек ғана дөретиўшиниң мәпин қорғайтуғын емес, ал миллий мәденият ҳәм экономиканың раўажланыўын тәмийинлейтуғын қурал.

Жақында усы мәселеге байланыслы машқала жәмийетшиликтиң итибарына түсти. 2019-жылы америкалы изертлеўши ҳәм аўдармашы Марк Эдвард Риз тәрепинен Абдулла Қадирийдиң “Өткен күнлер” романы “Bygone days” аты менен инглис тилине аўдарылған еди. Бул шығарманың бир нусқасы аўдармашы тәрепинен Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетине саўға етилген. Бирақ аўдармашы “Bygone days” шығармасы сканерленип пүткил Өзбекстан бойлап тарқалып кеткенинен наразы болды. Оның пикиринше, жүз берген жағдайды интеллектуаллық мүлктиң урланыўы ҳәм бундай жағдайлар Өзбекстанға авторлық ҳуқықын қорғай алатуғын шерик сыпатындағы исенимине зыян келтиретуғынын билдирди. Ол өзиниң аўдарма шығармасы менен жүз берген “қарақшылық” ҳәдийсеси тек ғана жеке наразылық емес, ал мәмлекетте авторлар менен аўдармашылардың мийнетине қандай мүнәсибетте болып атырғанының көрсеткиши екенин атап өтти.

Бул мақаладан кейин болса Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети рәсмий баянат пенен шықты. Баянаттың мазмуны тек ғана аўдармашының тәшўишлерине жуўап емес, ал интеллектуаллық мүлкти қорғаў, илимий әдебиятлардан билимлендириў процесинде пайдаланыў ҳәм халықаралық стандартларға әмел етиў мәселелерине байланыслы кеңирек түсиниклерди өз ишине алады. Баянатта бәринен бурын Марк Ристиң Абдулла Қадирийдиң “Өткен күнлер” шығармасын инглис тилине жоқары дәрежеде аўдарғанлығы тән алынады. Аўдарма тек ғана сапалы илимий жумыс емес, ал өзбек әдебиятын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўда әҳмийетли роль атқарады. Университет бул шығарманы өз студентлери ушын илимий ҳәм мәдений дерек сыпатында усыныс еткенин атап өтеди. Бул болса аўдарма компетенциясы ҳәм салыстырмалы әдебияттаныўды раўажландырыўға хызмет еткен.

ӨзДЖТУ баянатында интеллектуаллық мүлкти қорғаў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Университет Берн конвенциясы ҳәм Дүнья жүзилик интеллектуаллық мүлк шөлкеми (WIPO) принциплерине қатаң әмел ететуғынын билдиреди. Аўдармашы тәрепинен тапсырылған шығарма болса тек ғана университет китапханасында бар болып, оқыў мақсетлеринде пайдаланылыўы келтирилип өтилген. Бул, тийкарынан, аўдарма әмелияты, салыстырмалы әдебият анализи ҳәм инглис тилин оқытыў процесслерин қамтып алады.

Билдириўде келтирилиўинше, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң тийисли буйрығына муўапық, жоқары билимлендириў мәкемелери өз илимий ҳәм оқыў әдебиятларына байланыслы электрон библиографиялық жазыўларды Unilibrary.uz платформасына жайластырыўы шәрт.

Университеттиң түсиндириўинше, Марк Рицтиң аўдармасы бойынша системаға тек ғана библиографиялық мағлыўмат техникалық талаплар тийкарында киргизилген ҳәм китаптың толық тексти ҳеш қашан халыққа усынылмаған. Автордың руқсаты талап етилетуғыны анықланғаннан соң, библиографиялық жазыў системадан алып тасланған ҳәм шығарманың санлы версиясына кириў имканияты пүткиллей жабылған.

Unilibrary.uz – бул 110 нан аслам жоқары билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайларын бирлестиретуғын бирден-бир миллий платформа болып, ол коммерциялық емес характерге ийе ҳәм тек ғана мәлимлеме ҳәм билимлендириў мақсетлерине хызмет етеди. Билдириў авторлық ҳуқықларын қорғаў платформаның тийкарғы принциплеринен бири екенин айрықша атап өтеди.

ӨзДЖТУ рәсмий билдириўинде Марк Рицтиң тәшўишлери қатаң қабыл етилгени, жүзеге келген ҳәр қандай қолайсызлық ушын кеширим соралғаны, интеллектуаллық мүлк ҳәм билимлендириў процесслери арасындағы теңсалмақлылықты тәмийинлеўге умтылыўы билдирилген. Сондай-ақ, баянатта аўдармашы ҳәм университет арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, өзбек әдебий мийрасын халықаралық майданға алып шығыў ҳәм билимлендириў процесин интеллектуаллық мүлк нормаларына муўапық шөлкемлестириўдиң әҳмийетин атап өтеди.

Мәселе усы баянат пенен шешилип қалмады. Бул жуўап аўдармашыны қанаатландырмаған ҳәм ол авторлық ҳуқықы бузылғаны ушын басқаша шара көрилиўи керек екенлигин атап өткен. Бул жағдайда еки түрли пикирлейтуғынлар бар. Биреўлер, аўдарма усы университетке саўға етилген ҳәм оның электрон түрде тарқалыўында авторлық ҳуқықы талап етилмейди деп баҳаласа, екинши тәреп саўға етилген китапты сканерлеў ҳәм интернет бойлап тарқатыў аўдармашының үлкен мийнетин қәдирсизлендириў деп есаплайды.

Жоқарыда келтирилген мәселе авторлық ҳуқықы бузылыўына байланыслы бир ғана мысал. Бирақ “қарақшылық” (пиратлық) – Өзбекстан китап базарындағы үлкен машқала. Оны әмелде қадағалаўды тәмийинлеў, баспалар үстинен қадағалаў ҳәм авторлық ҳуқықларына әмел етиў механизмлери жетерли емес. Мәселен, ҳәзир арнаўлы, яғный анық басылымға тийисли болған китаплар тек ғана қайта басылып, еки-үш мәрте арзан сатылып атырған жағдайларға дус келип атырмыз.

Биз китапларды рәсмий алып кирип, салықлар ҳәм бажыхана жыйымларын төлеп ҳәм мәмлекетке, ҳәм оқыўшыларға пайда келтириўимиз мүмкин. Бирақ “қарақшылық” нусқалары үлкен зыян жеткермекте. Себеби бул нусқаларда аўдарма дәрежеси ҳәм китап мәниси жоқары дәрежеде тәмийинленбейди ҳәм соның ушын да бул “қолдан исленген” жумыслар арзан баҳа бериледи. Тилекке қарсы, көп қарыйдарлар арзанырақ баҳаларды таңлап, аўдармада мәнис төмен дәрежеде сақланған шығармаларды оқыўға мәжбүр болады.

Тилекке қарсы, Өзбекстанда авторлық ҳуқықлардың бузылыўы ғалабалық ҳәдийсе сыяқлы гәп болып қалды. Бунда гәп тек ғана китап ҳәм музыка шығармаларының “қарақшылығы”нда ғана емес. Ҳәттеки реклама компаниялары басқалардың материалларынан руқсатсыз пайдаланып атырғанын да көриўимиз мүмкин. Плагиат, әсиресе, илимий орталықта аўыр көринбекте: нызамсыз өзлестириўлер, мақалаларды “қайта ислеўлер”, өзбек тилиндеги руқсат етилмеген аўдармалар ҳәм басылымлар – булардың ҳәммеси күнделикли турмысымызда ушырасып атыр. Бул бәринен бурын, илимий орталықтың жаманласыўы, жалған илимий жумыслар ҳәм мақалалардың көбейиўине хызмет етип, жәмийеттиң раўажланыўына үлкен тосқынлық болмақта.

Изертлеўлер ҳәм бақлаўлар соны көрсетеди, халықтың авторлық ҳуқықы ҳаққындағы түсиниги шекленген. Көпшилик “интернеттеги материал ҳәммеге ашық, демек пайдаланыў мүмкин” деген надурыс көзқарасқа ийе. Бул болса ҳуқықбузарлықлардың көбейиўине себеп болмақта.

Өзбекстанда электрон китаплар ушын төлем мәденияты бар, жүдә төмен. Ҳәзир адамлар барған сайын көбирек фильмлер, музыкаға жазылыў ушын пул төлемекте ҳәм бул әдет китапларға да әсте-ақырын тарқалмақта.

Контентке төлем мәдениятын беккемлеў ушын, бәринен бурын, адамларға қолайлылық бериў зәрүр. Пуллы қосымшаларда бийпул ПДФ ҳәм әпиўайы каналларда тарқатылатуғын материалларда жоқ функциялар болыўы шәрт. Мысал ушын: усыныслар, навигация, аудиоформат, қысқаша тәрийплер, үзинди еситип көриў имканияты болыўы мүмкин. Пайдаланыўшы қолайлық ҳәм сапа ушын пул төлеп атырғанын сезсе, онда контент ушын пул төлеўдиң саналы әдети пайда болады.

Авторлық ҳуқық – бул тек ғана дөретиўшиниң мәпин қорғайтуғын емес, ал миллий мәденият ҳәм экономиканың раўажланыўын тәмийинлейтуғын механизм. Өзбекстанда соңғы жыллары бул бағдарда әҳмийетли қәдемлер тасланған болса да, елеге шекем кең жәмийетшиликтиң ҳуқықый санасын арттырыў ҳәм әмелий механизмлерди беккемлеў талап етиледи. Авторлық ҳуқықты терең аңлаў, оған әмел етиў ҳәм ҳүрмет пенен қараў мәдениятын қәлиплестириў келешекте санлы экономиканың раўажланыўында әҳмийетли фактор ҳәм оригинал шығармаларға жүдә жақын мәнисти сәўлелендиретуғын сапалы дөретиўшилик жумыслардан пайдаланыў имканиятын береди.

Дилдора ДЎСМАТОВА, ӨзА