Мәмлекетимизде Беларусь мәденияты күнлери болып өтпекте

Бир неше жыллардан берли елимизде Беларусь Республикасы мәденият күнлерин өткериў жақсы дәстүрге айланған.
Беларусь халқы мәдениятында тарийхый дәстүрлерге садықлық, тәбиятқа, Жерге меҳир, өзине тән бийтәкирар колорити үстинлик етеди.
Бул мәмлекеттиң дөретиўшилери елимизде турақлы өткерилетуғын халықаралық көргизбелер, дөретиўшилик фестивальларға турақлы қатнасып келеди. Ҳәзирги ўақытта өзбекстанлы жазыўшы ҳәм шайырлардың шығармалары турақлы түрде Беларусьта басып шығарылмақта. Дөретиўшилеримиз бул мәмлекетте өз көркем өнерин түрли көргизбелер ҳәм концертлерде көрсетиўи де жақсы дәстүрге айланған.
Өзбекстанда Беларусь мәденияты күнлери шеңберинде усы мәмлекет кинофильмлериниң көрсетилиўин өз ишине алған илажлар, концертлер, еки мәмлекет дөретиўши зыялыларының ушырасыўлары ҳәм сөйлесиўлери болып өтпекте.
Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан мәмлекетлик академиялық үлкен театрында Өзбекстанда Беларусь мәденияты күнлериниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Онда көркем өнер миллет ҳәм шегара билмес қүдиретке ийе руўхый қурал екени айрықша атап өтилди. Ҳақыйқатында да, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт, жақсылыққа тилеклеслик халықларымыз арасындағы уқсаслықты қурайды. Салтанатлы илажда дослық, аўызбиршилик, туўысқанлық, тынышлық ҳәм раўажланыў, меҳир-муҳаббатты улығлайтуғын қосықлар атқарылды.
***
Өзбекстан Республикасында өткерилип атырған Беларусь Республикасы мәденият күнлери шеңберинде усы мәмлекеттиң мәденият министри Руслан Чернеский Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев пенен биргеликте Комитет жанындағы миллий мәдений орайлар павильонының жумысы менен жақыннан танысты.
Беларусь Республикасы Мәденият министри Р.Чернеский Өзбекстанда түрли миллет ҳәм халық ўәкиллерине болған ҳүрмет ҳәм итибарды жоқары баҳалады.
Танысыў шеңберинде миллий мәдений орайлардың ўәкиллери ҳәм ҳәўескер жаслар ҳәм олардың дөретиўшилик жәмәәтлери ҳәр қыйлы миллий нама-қосықлар, дәстүрий ҳәм заманагөй аяқ ойынлар, түрли миллетлердиң музыкалық мийрасынан үлгилерди усынды.
Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы