Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм экспортты арттырыў бойынша жумыслар талланды

Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы А.Әзамхожаев тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвестицияларын ҳәм грантларда тартыў, экспорт көлемин арттырыў, туризм потенциалын раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған жумыслар үйренилди.
Үйрениў даўамында Нөкис қаласы, Шымбай районы ҳәм “Нөкис” еркин экономикалық зонасында жумыс алып барып атырған кәрханалар ҳәм жаңадан шөлкемлестирилип атырған жойбарлардың жағдайы менен жақыннан танысты.
Санаат, аўыл хожалығы, қайта ислеў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы имканиятлар талланып, аймақта әмелге асырылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжелилиги додаланды.
Атап өтилиўинше, мәмлекетимиз басшысының басламасы ҳәм жаратқан қолайлы инвестициялық орталық нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасында сырт ел инвестициясының көлеми соңғы жылда 3 есеге артқан.
Ушырасыўлар даўамында жергиликли исбилерменлер, ҳәкимликлер ҳәм тараўлық шөлкемлердиң ўәкиллериниң қатнасыўында экономикалық жеделликти буннан былай да күшейтиў, жойбарларды қаржыландырыў ҳәм жаңа инвесторларды тартыў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Сондай-ақ, туризм инфраструктурасын раўажландырыў, аймақтың мәдений ҳәм тәбийғый потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, сырт елли туристлердиң ағымын арттырыў бағдарындағы әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды.
Сапар етиў жуўмағында инвестициялық жумысты буннан былай да хошаметлеў, экспортқа қолайлы өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыў және халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша анық усыныслар ислеп шығылды, – деп мәлимлеме береди senat.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги