Түркия делегациясы мәмлекетимиз жасларының жумысы менен танысты

Ташкентте Өзбекстан жаслар аўқамының жуўапкерлери ҳәм Түркияның Халықаралық жаслар аўқамы делегациясының ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў даўамында мийманлар Өзбекстан жасларының сиясий, социаллық ҳәм мәдений белсендилигин арттырыўға қаратылған жойбарлар менен жақыннан танысты. Мәмлекетимизде жаслар сиясаты тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жаслар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм перспективалы басламалар ҳаққында толық мағлыўматқа ийе болды.
Илаж даўамында Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси, Өзбекстан пүткил жер жүзилик жаслар ассоциациясы ҳәм Халықаралық жаслар аўқамының ўәкиллери арасында еки тәреплеме бирге ислесиў байланысларын буннан былай да беккемлеў, биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды жолға қойыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, тәреплер жаслар сиясаты, инновациялық идеялар алмасыўы, халықаралық волонтёрлық бағдарламалары, мәдений-ағартыўшылық жойбарлар және билимлендириў ҳәм медиа тараўларында бирге ислесиў бойынша өз-ара келисимге еристи. Ушырасыў жуўмағында Халықаралық жаслар аўқамының ўәкиллери Өзбекстанда жаслар ушын жаратылған шараятлар менен имканиятларды жоқары баҳалап, бул бағдарда Түркия ҳәм Өзбекстан жасларын бирлестиретуғын биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў тилегин билдирди.
Гулноза Бобоева, ӨзА