Ушырасыўда әҳмийетли мәселелер додаланды

55

Шымбай районында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Алишер Агзамходжаевтың район басшылары, жергиликли Кеңес депутатлары ҳәм исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда сенатор А. Агзамходжаев Президентимиздиң арнаўлы пәрман ҳәм қарарлары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында баянат жасады.

Сондай-ақ, ушырасыўда районда билимлендириў тараўы ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын ең алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында реформалаў, медициналық хызметтиң сапасын жақсылаў, бирлемши медициналық жәрдем көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириў ҳәм тараўға жаңа басқарыў принциплерин енгизиў мәселелери кеңнен додаланды.

Өткерилген илаж даўамында Халық депутатлары районлық Кеңес депутатлары да өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, бул бойынша сенатордың пикирин тыңлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги