Кредит қарыздарлығы себепли қарыздардың “JETOUR DASHING” автотранспорт қуралы хатланды

44

Пуқаралық ислери бойынша Қоңырат районлараралық судынының 2025-жыл 28-февральдағы орынлаў ҳүжжетине бола, қарыздар К.Ш. есабынан өндириўши «Бизнести раўажландырыў банки» акционерлик коммерциялық банки пайдасына жәми 282 миллион 500 мың сум кредит қарыздарлығын өндириў белгиленген.

Усы орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў Бюросының Қарақалпақстан Республикасы Айрықша әҳмийетке ийе орынлаў илажларын орынлаў бөлими ис жүргизиўине келип түсип, бөлимниң хызметкерлери тәрепинен орынлаўға кирисилген.

Усы қарыздарлық бойынша қарыздарға бир неше мәрте ескертиў берилгенине қарамастан, қарыздарлық төленбегени себепли қарыздарға тийисли «JETOUR DASHING» маркалы автотранспорт қуралы хатлаўға алынды ҳәм электрон онлайн-аукцион саўда майданы арқалы сатыўға шығарылды.

Аукцион саўдасында автомашина бары-жоғы 222 миллион 138 мың сумға сатылып, түскен пуллар банкке өткерилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги