Суўды өлшеў қуралларынан пайдаланыўдың нәтийжелилиги арттырылмақта

57

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 13-октябрьдеги “Суў тараўын санластырыў процесин буннан былай да жеделлестириў ҳәм турақлы раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы қабыл етилип, усы пәрманда белгиленген ўазыйпаларды системалы шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги тәрепинен усы жылдың 30-октябринен “Әҳмийетли бир айлық” жәрияланды.

Ҳәзирги ўақытта суў хожалығы объектлерине орнатылған санлы қурылмалар ҳәм суў өлшеў қуралларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар әмелге асырылмақта.

Суў хожалығы министрлиги тәрепинен ҳәзирги ўақытта районлардағы суў хожалығы объектлерине орнатылған санлы қурылмалар ҳәм суўды өлшеў қураллары, мелиоратив қудықлардағы “Diver” насос агрегатларындағы электр ҳәм суўдың жумсалыўы бойынша мағлыўмат узататуғын “Онлайн қурылмалар”дың барлығының жағдайы үйренилип, әтирапы абаданластырылмақта.

Сондай-ақ, қурылмалардың бағаналары боялып, санлы қурылмалардан министрликтиң серверине мағлыўматлар узатылатуғыны тексерилмекте.

Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги