Хожелиде заманагөй стадион пайдаланыўға тапсырылды

109

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Бухара ўәлаяты Хожели районына бириктирилип, соңғы жыллар даўамында бир қанша нәтийжели жумыслар әмелге асырылды.

Усындай ийгиликли ислердиң бири сыпатында, Хожели районы орайлық стадионының реконструкция жумысларын айтып өтсек болады. Атап айтқанда, стадионға Бухара ўәлаяты тәрепинен жәми 5 млрд. сум қаржы ажыратылып, кең көлемдеги қурылыс-оӊлаў жумыслары әмелге асырылды. Нәтийжеде 2 мыӊнан аслам тамашагөй сыйымлылығына ийе болған заманагөй көринистеги халықаралық талапларға жуўап беретуғын үлкен стадион қурылып питкерилди. Сондай-ақ, стадион өз нәўбетинде жасларымыздың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаўға, олардың бос ўақтын мазмунлы өткериўге жүдә кең имканиятлар ҳәм спорт ықласбентлери ушында қолайлы шараятлар жаратып берди.

1-ноябрь күни усы заманагөй көринистеги Хожели районлық орайлық стадионының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажға район ҳәкими Ж.Ермашев, Қарақалпақстан Республикасы спорт министри Е.Қутыбаев, Бухара ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Ж.Арашов, кең жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.

Онда сөзге шыққанлар бул ийгиликли  басламалар ушын ҳүрметли Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирип, келешекте бул орын халқымыздың ең куўанышлы күнлеринде хызмет етиўине исеним билдирди. Буннан соң жаңа стадионда райондағы аймақ командалары арасында өткерилген «Хожели районы ҳәкиминиң кубоги» жарысының финал ойынларына старт берилди.



Онда кубоктиң дәслепки басқышларында жеңиске ерискен ең күшли командалар өз-ара беллесип, жарыс жуўмағында биринши орынды «Мустақиллик» командасы жеңип алды ҳәм кубок ийесине айланды.

Сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар «Бағман» ҳәм  «Қырқыншы» мәкан пуқаралар жыйынлары командаларына несип етти.  Жеңимпазлар Хожели ҳәм Бухара ҳәкимлиги тәрепинен таярланған арнаўлы кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды. Илаж районлық мәденият бөлими хызметкерлериниң   концерт бағдарламасы менен оғада кеўилли даўам етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы