Шүдигарлаў жумыслары алдынан ўазыйпалар белгиленди

Хожели районындағы “Қумжыққын Хожели Агро” фермер хожалығында Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл, Қоңырат ҳәм Мойнақ районларының басшылары, аўыл хожалығы кәрханалары белсендилериниң қатнасыўында жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ гүзги шүдигарлаў жумысларына бағышланған кеңейтилген көргизбели семинар өткерилди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов, Жоқарғы Кеңес комитет баслығы А.Жуманазаров, Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Тешаев, район ҳәкимлери, тийисли тараў басшылары ҳәм фермерлер қатнасты.
Семинар даўамында, кластерлер менен фермер хожалықларына тийисли егислик жер майданларының контурларын кеңейтиў, шеллерди алып таслаў, лазерли үскенелер жәрдеминде тегислеў, атыз шетлерине егиў, гүзги шүдигарлаў жумысларын сапалы алып барыў бойынша бир қатар көрсетпелер берилип, әмелге асырылыўы лазым болған ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, гүзги шүдигарлаў мапазын жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын техникалар менен агрегатлардың таярлығы бойынша мәселелер де қарап шығылды.






Илажда механизаторларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде оларға азық-аўқатлар өнимлер тарқатылды.
Буннан соң, қатнасыўшылар тәрепинен “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде атыз шетлерине мийўели нәллер егилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги