Мәмлекет бойлап 42 турмыслық шығынды полигоны жабылып, жер тәбиятқа қайтарылды

103

Өзбекстанда қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындыларды нәтийжели басқарыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде 42 турмыслық шығынды полигонының жумысы сапластырылды. Бул арқалы дерлик 90 гектар жер майданы тәбиятқа қайтарылды.

Бул жумыслар Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги жанындағы Шығынды полигонларын басқарыў дирекциясы тәрепинен республика көлеминде алып барылды. Атап өтиў керек, 2024 ҳәм 2025-жылдың өткен дәўири даўамында Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Бухара, Қашқадәрья, Наманган, Самарқанд, Ташкент, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында жәми 47 турмыслық шығынды полигоны рекултивацияланды ҳәм топырақ қатламы менен жабылды.

Усы жылдың басынан берли республика бойынша 18 (81,68 гектар) турмыслық шығынды полигонында рекултивация ҳәм топырақ пенен бастырыў жумыслары әмелге асырылыўы режелестирилген болып, бул процесс толық жуўмақланды.

Жәми 185 шығынды полигонынан 47 инде қайта тиклеў жумыслары әмелге асырылды. Жабылған 42 шығынды полигоны нәтийжесинде 90 гектардан аслам жер майданы тәбийғый жағдайына қайтарылды, бул болса экосистеманы тиклеў ҳәм халықтың саламатлығын қорғаўда үлкен әҳмийетке ийе.

Камола Юсупова, ӨзА