Аралбойы тәбияты художниклер нәзеринде

Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында “Натура” темасындағы көргизбениң ашылыў мәресими болып өтти.
“Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы” шеңберинде шөлкемлестирилген бул көргизбеден 12 жергиликли художниктиң тәбият гөззаллығы ҳәм ана ўатанға болған сүйиспеншиликти сәўлелендирген 90 нан аслам картинасы орын алған. Олардың арасында устаз художниклер менен бир қатарда жас талант ийелери де бар.
Көргизбени өткериўден тийкарғы мақсет қарақалпақ сүўретлеў өнеринде тәбият ҳәм инсан, миллий дәстүр ҳәм заманагөй көзқарастың үнлеслигин көрсетиў болып табылады. Бул жойбар арқалы жергиликли художниклер дөретиўшилик байланысларды беккемлеп, тамашагөйлерге ана журтымыз тәбиятын жаңаша эстетикалық жақтан таныстырыўды нәзерде тутады.














Көргизбеде Өзбекстан Көркем өнер академиясының ҳақыйқый ағзасы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық художниги, “Шуҳрат” медалының ийеси Сәрсенбай Байбосынов, Өзбекстан Көркем өнер дөретиўшилери аўқамының ағзалары Әжинияз Худайбергенов, Тимур Сулайманов, Бердақ Бабашев, Жеткер Айбатов, Полатжан Абдиреймов, сондай-ақ, Нажмиддин Шукуруллаев, Саламат Бекбаулиев, Тимур Асқаров, Рафатдин Ибрайымов, Жамол Тўражанов, Анвар Сейтниязов сыяқлы талантлы художниклердиң ең сайланды шығармалары тамашагөйлер итибарына усынылмақта.
Олардың ҳәр бир картинасы туўылған елдиң тәбийғый реңин, гүздиң жыллы демин, инсанның ишки дүньясы менен үнлес болған көркем тәсирлениўди сәўлелендиреди. “Гүзги реңлер,” “Қарақалпақ қызы,” “Әмиўдәрьяда таң,” “Қосық,” “Муса Жалий аўылында гүз” сыяқлы шығармалар көргизбениң тийкарғы көркем өзегин қурайды.
Көргизбе еки ҳәпте даўам етеди.
ӨзА