Шоманай районында әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районында халықтың турмыс жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Ең дәслеп республикамыз Басшысы Бегжап АПЖ аймағындағы жаңадан қурылып атырған «Омад Сулд» дузды қайта ислеў кәрханасының қурылыс жумыслары менен танысып, жаңа кәрхана иске түсириў ушын барлық мүмкиншиликлерди иске салыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди ҳәм анық ўазыйпалар белгиленди.
Буннан соң Мәденият МПЖ аймағындағы Драйвер 24/7 жойбары тийкарында исленип атырған жаслар паркиниң қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты. Бул жерде жаслар ушын мәдений дем алыў ҳәм саўда орынлары, байрам илажлары ҳәм концерт бағдарламаларын өткериў ушын ашық аспан астындағы арнаўлы майданша шөлкемлестирилмекте.
Сондай-ақ, ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 25-декабрь күнги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социал ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы 404-санлы қарары менен 9,4 млрд. сум қаржы тийкарында, жаңадан қурылған районлық медицина бөлимине қараслы көп тармақлы поликлиникада жаратылған шараятлар, соның менен бир қатарда ишки жап-салмаларды бетонлаў жумыслары көзден өткерилди.
Район орайында шөлкемлестирилген өнерментлер саўда орны жумыслары менен танысты. Объектлер менен танысыў барысында республикамыз басшысы исбилерменлердиң өз жумысын раўажландырыўы ушын жақыннан жәрдем бериў, олардың машқалаларына шешим табыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

Сондай-ақ, райондағы бар болған машқалаларды белгилеп алыў мақсетинде, көше бийлери менен ушырасыў өткерилип, аўыл-аймақларда өз шешимин күтип турған мәселелер бойынша пикирлести.
Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы берилген тапсырмалар бойынша ис-илажлар бағдарламасының орынланыўы мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги