Судандағы қорқынышлы жағдай: емлеўханада 460 адам өлтирилди

67

Ал-Фашир қаласындағы бас емлеўханада жүзлеген тыныш халық өлтирилди. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (WHO) басшысы Тедрос Аданом Гебреесустиң мәлим етиўинше, “Rapid Support Forces” (RSF)  жаўынгерлери “Saudi Hospital” ишинде 460 адамды өлтирди. Емлеўханада жатырған наўқаслар, олардың жақынлары ҳәм медицина хызметкерлери атып тасланған, деп хабар берди Судан шыпакерлер тармағы.

RSF жаўынгерлери 18 айлық қамаў ҳәм тынымсыз бомбалаўдан кейин қолға киргизген бул қала Дарфур армиясы қадағалаўындағы соңғы ири мәнзил еди. Қаланың қолдан кетиўи себепли 250 мыңнан аслам бийгүна халық ўәкилиниң тәғдири қәўип астында қалған. Пуқаралар қаладан шығыўға урынғанда, қыйнаў, таяқ ҳәм зорлыққа ушырамақта, урлап кетилмекте, тутқынға алынып, үлкен муғдардағы төлем талап етилмекте. Айырымлары жолда-ақ атып өлтирилген.

Байланыс үзилгенлиги себепли жағдайды тастыйықлаў қыйын. Видеокөринислерде RSF жаўынгерлери қуралсыз адамларды атып атырғанын көриў мүмкин. “Бул жер ҳәзирги ўақытта жер жүзиндеги ең жаман қайғылы орын”, – деди БМШтың бурынғы хызметкери Ян Эгеланд. WHO мағлыўматына бола, урыс басланғанынан берли Судан бойлап 185 медицина мәкемесине ҳүжим белгиленген.

БМШ, гуманитар шөлкемлер ҳәм ҳуқық қорғаўшылар жағдайға жедел халықаралық итибар ҳәм араласыў зәрүрлигин талап етпекте. RSF ҳәзир Дарфур ҳәм қоңсылас Кордофанның үлкен бөлегин қадағаламақта. Ҳүкимет армиясы болса пайтахт Хартум ҳәм шығыс аймақларда қалған. 2021-жыл еки тәреп бир ўақытта ҳәкимиятты ийелегени себепли ҳәзирги ўақытта мәмлекет бөлшеклениў алдында. Судан ҳәзир ең қара күнлерди басынан өткермекте.

Муслим Зиё, ӨзА