АҚШ ядролық сынақты қайта басламақшы

58

Дональд Трамп 30 жылдан аслам даўам еткен тәнепистен кейин мәмлекетте ядролық қурал сынағын қайта тиклеўге буйрық берди. Президенттиң айтыўынша, бул қарар Россия ҳәм Қытай ядролық жумысты жанландырыўы тийкарында қабыл етилген.

Америка жетекшиси социаллық тармақ арқалы “басқа мәмлекетлер усындай сынақ өткерип атырғаны ушын АҚШ та тең шараятта сынақ баслаўы керек”лигин атап өткен. Мәмлекет 1992-жылдан берли ядролық жарылыўшы қуралларды сынақтан өткермеген. Ҳәзир болса тийкарғы ядро резервин жетилистириўге мәжбүр екенин айтып, зәрүр процесс дәрҳал басланатуғынын мәлим етти.

Бул жәриялаў РФ өткен ҳәптеде “шексиз аралыққа ушыў имканиятына ийе” жаңа ядро қуралын сынақтан өткергени ҳаққындағы билдириўинен кейин, сондай-ақ, ҚХР өзиниң ядро қуралы санын жедел пәт пенен арттырып атырғаны ҳаққындағы мағлыўмат тарқалыўы тийкарында жаңлады. АҚШ ҳәзир шама менен 5 225 ядро қурылмасына ийе, Россияда бул сан 5 580 есапланады. Қытай болса 2030-жылға шекем бундай қуралларын 1000 ға жеткериўи күтилмекте. Трамптың билдириўи глобаллық ядролық кескинлик күшейген ўақытқа туўра келди: АҚШ ҳәм Россия арасындағы ядролық қуралды шеклеў ҳаққындағы соңғы шәртнама — “New Start”  келисиминиң әмел етиў мүддети 2026-жылы тамамланады.

Ҳәзирги жағдай халықаралық қәўипсизлик бойынша кескин пикир-таласларды оятпақта. АҚШ Президенти келешекте сынақ қай жерде өткерилетуғынына анықлық киргизилетуғынын айтты. Қулласы, бул қарар АҚШ – Қытай ушырасыўы алдынан жәрияланғаны глобал сиясий басым күшейетуғынынан дерек береди.

Мусулмон Зиё, ӨзА