Трамп ҳәм Си Цзиньпин Қубла Кореяда ушырасты

81

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамп арасындағы ушырасыў Қубла Кореяның Пусан қаласында болып өтти. Трамп Вашингтон ҳәм Пекин узақ мүддетли “әжайып қатнасық” орнататуғынын жәриялады.

– Бүгин көп жыллық достым, ҳүрметли Қытай басшысы менен ушырасыў мен ушын мақтаныш, – деди Ақ үй басшысы. – Биз избе-из сөйлесиў алып барамыз. Мениңше, әллеқашан айырым мәселелерди шештик ҳәм енди және көп темалар бойынша келисимге ерисемиз. Баслық Си уллы мәмлекеттиң уллы басшысы.

Ол тәреплер саўда бойынша да тил табысыўы мүмкин екенин қосымша етти.

Өз гезегинде, ҚХР жетекшиси де әҳмийетли саўда ҳәм экономикалық келиспеўшиликлерди шешиў бойынша бирдей пикирге келингенин атап өтти. Оның пикиринше, Қытай ҳәм АҚШ бир-бириниң табысына жәрдемлесиў ҳәм улыўмалық абаданлыққа ерисиўге уқыплы. Сондай-ақ, Си Цзиньпин Трамптың Жақын Шығыста және Камбоджа ҳәм Таиланд арасында тынышлық орнатыўға қаратылған ҳәрекетин жоқары баҳалады. Қытай ҳәм Қурама Штатлар еки мәмлекет ҳәм дүнья мәпи ушын және де мазмунлы, әмелий ҳәм пайдалы мақсетлерге ерисиў ушын биргеликте ислесиўи мүмкин екенлигин атап өтти.

Соның менен бирге Пекин ҳәм Вашингтон “ҳәр қыйлы миллий шараятларға ийе болғанлығы себепли, Қытай ҳәм Қурама Штатлар арасындағы келиспеўшилик тәбийий жағдай” деди. Соның менен бирге, Чин мәмлекетиниң раўажланыўы “Американы және уллы етиў” көзқарасына қайшы келмейтуғынын атап өтти.

С.Раҳимов, ӨзА