Өзбекстан – Финляндия: бирге ислесиў динамикасы

Еки мәмлекет арасындағы дипломатиялық байланыс 1992-жыл 26-февральда – 1991-жылдың ақырында Финляндия Өзбекстанның ғәрезсизлигин тән алғаннан соң рәсмий түрде орнатылды. Өз-ара қатнасықлар басынан дослық ҳәм өз-ара ҳүрмет тийкарында раўажланды.
Дәслепки он жыллықларда байланыслар салыстырмалы шекленген еди. Буның себеби аралықтың узақлығы ҳәм тәреплердиң сыртқы сиясаттағы үстинлиги арасындағы айырмашылық пенен байланыслы. Соған қарамастан, бирге ислесиўди раўажландырыўға еки тәреплеме умтылыў, өз-ара қатнасықлардың унамлы руўхы сақлап қалынды.
2016-жылдан баслап – Президент Шавкат Мирзиёев жедел сыртқы сиясат ҳәм реформалар жолын жәриялағаннан кейин, Өзбекстан – Финляндия бирге ислесиўи жаңаша пәт алды. Бурын ўақты-ўақты менен әмел еткен байланыс механизми жеделлести. 2018-жылы тәреплер Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны қайта тиклеўге келисти (соған шекем ақырғы мәжилис 2002-жылы өткерилген). Бул қәдем қарым-қатнасты жанландырыў ҳәм жаңа бирге ислесиў бағдарларын излеўге түртки болды. Улыўма, 2016-2020-жылларда сиясий байланыслар сезилерли дәрежеде кеңейди, қатнасықлардың шәртнамалық-ҳуқықый тийкары беккемленди, шерикликтиң жаңа бағдарлары белгиленди. Ташкентте Финляндияның турақлы дипломатиялық ўәкилханасының жоқ екенлиги делегациялардың өз-ара сапар етиўи ҳәм халықаралық майдандағы ушырасыўлар есабынан байланысларды күшейтиўге тосқынлық етпеди.
Сиясий тәрепи, халықаралық позиция
Кейинги жыллары сыртқы сиясат уйымлары арасында турақлы мәсләҳәтлесиў өткерилмекте, парламентлераралық байланыс қоллап-қуўатланбақта, жоқары дәрежедеги сөйлесиў жолға қойылған. 2025-жыл июнь айында Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы – Финляндия сыртқы ислер министри Элина Валтонен Өзбекстанға рәсмий сапар менен келди. Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм СИМ басшысы Бахтиёр Саидов пенен сөйлесиўлерде бирге ислесиўди, соның ишинде, “Өзбекстан – ЕҚБШ” форматында да және де тереңлестириў мәселеси додаланды. Структура менен байланыслар нәтийжели раўажланып атырғаны атап өтилди: ЕҚБШ жәрдеминде Өзбекстан сайлаў системасы модернизацияланбақта, ҒХҚ еркинлиги тәмийинленбекте, гендер теңлик ҳәм жаслар сиясаты алға қойылмақта. Сондай-ақ, “жасыл” күн тәртиби әмелге асырылмақта. Быйыл ЕҚБШға басшылық етип атырған Финляндия республикамыздағы реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын тастыйықлады ҳәм турақлы раўажланыў және климат қәўипсизлиги мәселелерине тийкарғы итибар қаратыў әҳмийетли екенлиги бағдарындағы көзқарасты мақуллады. Улыўма, Финляндия ҳүкимети Ташкенттиң еркинлестириў ҳәм ашық-айдынлық сиясатын жоқары баҳаламақта, Өзбекстанның халықаралық структураларға қосылыўына дипломатиялық жәрдем бермекте.
Көп тәреплеме түрде де бирге ислесиў жеделлеспекте. Финляндия Өзбекстанның БМШ ҳәм ЕҚБШдағы басламаларын, әсиресе, Орайлық Азия турақлылығы ҳәм Аўғанстанға жәрдем мәселесинде қоллап-қуўатламақта. Ташкент регионаллық орай ҳәм тынышлық орнатыўшы дәлдалшы сыпатында Аўғанстанды регионның экономикалық жойбарларына тартыўды усыныс етпекте, дипломатия ҳәм тынышлық орнатыўда бай тәжирийбеге ийе Финляндия бул ҳәрекетти мақулламақта. Ҳәр еки мәмлекет келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў ҳәм халықаралық ҳуқық нормаларына әмел етиў тәрепдары – бундай принципиал көзқарас жақында болып өткен Президентлердиң телефон арқалы сөйлесиўинде және бир мәрте тастыйықланды.
Глобал экономика тараўында мәмлекетлердиң позициясы көп тәреплеме сәйкес. Европа Аўқамының ағзасы сыпатында Финляндия Өзбекстанның жәҳән саўда системасына интеграцияласыў бойынша умтылысын қоллап-қуўатламақта. Итибарға ылайық тәрепи, Ташкент 2026-жылға шекем Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўды мақсет еткен ҳәм европалы шериклер, соның ишинде, Финляндия бул процессте мәсләҳәт жәрдемин аямай атыр. Буннан тысқары, нызам үстинлигин беккемлеў, турақлы экономикалық өсиў ҳәм тәбийғый ресурсларды нәтийжели басқарыў жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бул мәмлекет республикамызды 2021-2024-жылларға мөлшерленген Раўажланыўға жәрдемлесиў бағдарламасы тийкарғы мәмлекетлер қатарында тән алады. Бул бағдарлама шеңберинде Өзбекстан (Қырғызстан ҳәм Тәжикстан менен биргеликте) ушын улыўма жәрдем бюджети шама менен 25 миллион евроны қурайды. Бундай қоллап-қуўатлаў анық ўазыйпаларды шешиўге жәрдем береди. Мәселен, Финляндия БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме Траст фондына 1 миллион евро ажыратқаны Хелсинкиниң реформаларымызға жоқары исенимин көрсетеди.
Саўда ҳәм экономика – әҳмийетли тараўлар
Өзбекстан ҳәм Финляндия арасындағы экономикалық бирге ислесиў кейинги жылларда избе-из кеңейип бармақта. Өз-ара саўда көлеми ҳәзирше кишкене болса да, өсиў пәти итибарға ылайық. 2024-жылы товар алмасыў алдынғы жылға салыстырғанда 24 процентке артты. 2018-2023-жылларда Финляндияның Өзбекстанға экспорты 40 миллион доллардан 87,6 миллион евроға жетти. Бул 2022-жылдағы көрсеткиштен (48,5 миллион евро) дерлик еки есеге көп. Бул мәмлекет бизге тийкарынан машина қурылысы үскенелери, электр двигатели, химия ҳәм қағаз санааты өнимлерин жеткерип береди. Өзбекстанның Финляндияға экспорты да жоқары өсиў пәтин көрсетпекте: 2023-жылы финляндиялы импортёрлар өзбек товарларын шама менен 4,8 миллион евроға сатып алған болса, өткен жылы өзбек экспортының көлеми үш еседен көбирек артып, 15 миллион евролық шегарадан өтти. Бул экспорттың тийкарын нефть өнимлери, органикалық емес химиялық элементлер ҳәм металл буйымлар қурады. Европа компаниялары Орайлық Азия жаңа базарларына мүрәжат етиў арқалы алдын Россиядан алып келинген өнимлердиң орнын белгили дәрежеде басыўы менен байланыслы.
Еки мәмлекет бирге ислесиўдиң энергетика (қайта тикленетуғын дереклерди де қамтып алған ҳалда), жасыл технология ҳәм экология, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты, геология ҳәм пайдалы қазылмаларды қазып алыў, транспорт ҳәм санлы инфраструктура, сондай-ақ, химия санааты сыяқлы ең перспективалы бағдарларын белгилеп алды. Билимлендириў ҳәм инновация тараўы болса айрықша итибарға ылайық: Өзбекстан тараўдағы жоқары стандартлары менен белгили болған Финляндия билимлендириўиниң алдынғы шешимлерине үлкен қызығыўшылық билдирмекте. 2022-жыл сентябрьде Ташкентте Халықаралық “Nordic” университети – усы мәмлекет модели тийкарында жумыс алып баратуғын биринши жеке меншик өзбек-фин жоқары оқыў орны ашылды. Мәкеме Карелия әмелий пәнлер университети басшылығындағы фин шөлкемлери менен биргеликте шөлкемлестирилген болып, фин оқытыўшыларының қатнасыўындағы, соның ишинде, еки тәреплеме диплом бағдарламалары (мысалы, 2+2 ҳәм 3+1 системалары, бунда оқыўдың бир бөлеги Финляндияда өткериледи) усыныс етеди. Табыслы жумыс алып барып атырған, студентлердиң дәслепки топарлары әллеқашан оқыўды питкерген бул билимлендириў дәргайы тәжирийбе алмасыў ушын Финляндия компаниялары ҳәм билимлендириў структураларын бирлестирген өзине тән орай ўазыйпасын да атқармақта.
Инвестициялық бирге ислесиў де раўажланбақта. 2017-жылдан кейин Өзбекстанда бизнес орталығын жақсылаў бойынша кең көлемли реформалар басланғаннан соң, фин исбилерменлери республика базарына көбирек қызыға баслады. Исбилермен топарлардың мәлим етиўинше, фин компаниялары инфраструктураны модернизациялаў, суў хожалығы, қайта тикленетуғын энергетика ҳәм агросанаат комплексин раўажландырыўға үлес қосыў имканиятын көрип шықпақта. 2022-жыл ноябрь айында Ташкентте “Finnpartnership” бағдарламасы ҳәм “EastCham Finland” ассоциациясының жәрдеминде шөлкемлестирилген ири Өзбекстан – Финляндия бизнес-форумында “жасыл” технология, энергетика, суў ресурсларын басқарыў ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўға қәнигелескен сырт ел фирмалары қатнасты.
Тәреплер еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы байланысларды жедел кеңейтиўге келисип алды, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Орайлық Азия менен ислейтуғын бизнести бирлестирген “EastCham Finland” арасында тиккелей сөйлесиў жолға қойылды. Демек, экономикалық байланыслар әпиўайы саўда-сатық шеңберинен шығып, санаат бирге ислесиўи ҳәм биргеликтеги инвестицияларға өтпекте.
Билимлендириў ҳәм инновация
Билимлендириў тараўы Өзбекстан – Финляндия бирге ислесиўиниң тийкарғы бағдарларынан бири. 2024-жыл 22-февральда Өзбекстан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Финляндия Миллий билимлендириў агентлиги (EDUFI) арасында фин тәжирийбесине тийкарланған ҳалда мәмлекетимиз билимлендириў системасын раўажландырыўға қаратылған өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды. Бул келисим шеңберинде алдыңғы методика алмасыў, стажировкалар шөлкемлестириў ҳәм жаңа оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў жолға қойылған. 2024-жылдың декабрь айында-ақ Өзбекстан билимлендириў системасының 34 хызметкери Финляндия мектеплериниң жумыс тәжирийбеси ҳәм оқытыў усылын үйрениў мақсетинде Хелсинки қаласында болды. Фин экспертлери ҳәм Хелсинки университетиниң профессорлары турақлы түрде мәсләҳәт жәрдемин көрсетпекте: мектеп бағдарламалары, оқытыўшыларды таярлаў ҳәм педагоглардың маманлығын арттырыў бойынша тәжирийбе алмасылмақта.
Басқарыўшылар ҳәм оқытыўшылар дәрежесинде де жедел алмасыўлар бар. Жоқарыда атап өтилген EDUFI меморандумы шеңберинде фин тәрепи методистлеримиз ҳәм билимлендириў администрацияларымыз ушын турақлы тренинг ҳәм әмелият өткерилмекте. Усы тәризде алдынғы сырт ел тәжирийбеси мектеплеримизге енгизиледи. Басқа биргеликтеги басламалар да әмелге асырылмақта: мәселен, өз алдына грант бағдарламалары арқалы инклюзив билимлендириў раўажландырылмақта, инглис тилин оқытыў процеси жетилистирилмекте. Қулласы, билимлендириў системасының барлық буўынларында фин әмелиятын енгизиўди тәмийинлейтуғын, мектептен жоқары оқыў орынлары ҳәм басқарыў уйымларына шекем бирге ислесиўдиң тутас “шынжыры” пайда болмақта.
Ташкенттеги Халықаралық “Nordic” университетинен тысқары, жоқары билимлендириў тараўында және бир биргеликтеги жойбар әмелге асырылды. 2021-2022-оқыў жылынан баслап Самарқанд мәмлекетлик университети жанында ҳүкиметимиз қарары менен шөлкемлестирилген Өзбекстан – Финляндия педагогикалық институты жумыс баслады. Бул жерде оқыў процеси Түрку университети ҳәм басқа да қәнигелескен мәкемелер менен биргеликте фин билимлендириў бағдарламалары ҳәм технологиялары тийкарында шөлкемлестирилген. Бул институтта заманагөй тәлим-тәрбия усылларын иелеген жаңа әўлад педагоглары таярланады, оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў курслары өткериледи. Самарқандта усы институт ашылыўы менен бир қатар педагогикалық бағдарлар бойынша студентлер қабыллаўы СамМУдың улыўма таңлаўынан тиккелей жаңа жоқары оқыў орнына өткерилди. Бул билимлендириў мәкемесиниң айрықша статусын атап өтеди.
Финляндия билимлендириў технологияларын Өзбекстанда алға қойыў ушын исбилерменлер де тартылмақта. 2023-жыл февраль айында “Team Finland” бағдарламасы шеңберинде 40 тан аслам исбилерменди бирлестирген абырайлы делегация Ташкентке келди. Топар қурамында “EdTech” компаниялары ҳәм университетлердиң ўәкиллери бар еди. “EastCham Finland” командасы болса жойбарда шөлкемлестириўши шерик сыпатында қатнасты. Сапар даўамында тийисли министрлердиң қатнасыўында Ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилиси, арнаўлы сессиялар өткерилди. Фин тәрепи мектеплер ҳәм жоқары оқыў орынлары ушын ең жақсы санлы шешимлерди усынды, B2B ҳәм B2G ушырасыўлары шөлкемлестирилди. Бундай исбилерменлик миссиялары ҳәм биргеликтеги билимлендириў форумлары сиясий келисимди анық жойбарлар менен үйлестириў имканиятын береди. Нәтийжеде биргеликтеги ҳәрекетлер билимлендириўдиң сапасын арттырыў, узақ мүддетли экономикалық мәп, модернизацияланып атырған экономика ушын кадрлар таярлаў сыяқлы ийгиликли мақсетлерге хызмет етип, Өзбекстан – Финляндия бирге ислесиўиниң “мирәт қағазы”на айланады.
Бирге ислесиўдиң дипломатиялық механизми
Мәмлекет басшыларының өз-ара қатнасықлары бирге ислесиўди раўажландырыўда шешиўши әҳмийетке ийе болмақта. Президентлердиң жоқарыда атап өтилген телефон арқалы сөйлесиўи ҳәм Финляндия жетекшисиниң елимизге режелестирилген тарийхый дәслепки рәсмий сапары жоқары дәрежедеги дипломатиялық қурал болып есапланады. Бул сапар қатнасықларды сиясий жақтан қоллап-қуўатлайды, мәмлекет басшыларының итибарын талап ететуғын мәселелерди шешиў имканиятын жаратады. Сөйлесиў даўамында Президентлер анық жойбарларды додалаў менен бирге шерикликтиң стратегиялық әҳмиетин атап өтип, халықаралық мәселелер бойынша пикир алысты. Бундай тиккелей сөйлесиў қатнасықларды және де тереңлестиретуғыны сөзсиз.
Президент А.Стуббтың Өзбекстанға мәмлекетлик сапары бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтеретуғыны сөзсиз. Бул тарийхый ўақыя шеңберинде инвестицияны өз-ара қорғаў, илимий-техникалық, туризм ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиў ҳаққында бир қатар ҳүкиметлераралық келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
Нәтийжеде шерикликтиң ҳуқықый тийкары беккемленеди. Ташкентте Финляндия мәдений-ағартыўшылық орайы ямаса “Business Finland” ўәкилханасын ашыў мәселеси де көрип шығылмақта. Бул тиккелей байланыслар орнатыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў процесин аңсатластырады. Сапар етиў агросектор (фин суўғарыў системасы ҳәм ыссыхана технологиясын енгизиў) ҳәм химия санааты (түгин ислеп шығарыў ямаса шийки затты қайта ислеў бойынша қоспа кәрханалар шөлкемлестириў) сыяқлы тараўларда коммерциялық шәртнамалар дүзилиўи менен де айрықша әҳмийетке ийе.
Солай етип, ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм сиясий мәсләҳәтлесиўден баслап, бизнес-форум ҳәм мәмлекет басшыларының жеке байланысларына шекемги көп қырлы механизмлердиң үйлесиўи Өзбекстан – Финляндия бирге ислесиўиниң избе-из ҳәм нәтийжели раўажланыўын тәмийинлейди. Қәлиплескен бундай система тек ғана биргеликтеги басламаларды алға қойыў емес, ал жүзеге келиўи мүмкин болған келиспеўшиликлерди өз ўақтында дипломатиялық жол менен шешиў имканиятын береди.
Қатнасықлар раўажланыўы перспективасы
Ерисилген жетискенликлер ҳәм ҳәзирги тенденциядан Өзбекстан – Финляндия қатнасықлары перспективалы екени белгили болады. Жақын жылларда саўда-экономикалық байланыслар және де кеңейиўи күтилмекте. Еки мәмлекет экономикасы көп тәреплеме бир-бирин толықтырады: Өзбекстан өсип баратырған базар, бай тәбийғый ресурслар ҳәм жас жумысшы күшин усынса, Финляндия алдынғы технология, инвестиция ҳәм басқарыў тәжирийбесин усынады. Ҳәзирги пәт сақланып қалынса, товар алмасыў энергетика, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жаңа шәртнамаларды әмелге асырыў есабынан бир неше жүз миллион долларға шекем өсиўи мүмкин.
Ҳәзирдиң өзинде бирге ислесиў тереңлесип баратырғанын көрсететуғын бир қатар жаңа биргеликтеги жойбарлар турмысқа енгизилмекте. Мәселен, Өзбекстанның “Perfectum” операторы Финляндияның “Finnvera” экспорт-кредит шөлкеминиң жәрдеминде “Nokia” компаниясы үскенелерин жеткерип бериў арқалы Орайлық Азиядағы биринши улыўма миллий 5G тармағын қурмақта. Ташкентте тармақтың коммерциялық иске түсирилиўи 2024-жылдың ақырында әмелге асырылды. Ҳәзирги ўақытта 2025-жылдың ақырына шекем Өзбекстан халқының 50 процентин қамтып алыў мақсетинде тармақ басқышпа-басқыш кеңейтилмекте. Енергетика тараўына келсек, Финляндияның “Wärtsilä” компаниясы “Finnvera”ның жәрдеминде мәмлекетимизге электр станцияларын модернизациялаў ушын үскене ҳәм программалық тәмийнат жеткерип бермекте, “Aksa Enerji” менен биргеликте Ташкент ҳәм Бухара ўәлаятларында жойбарларды әмелге асырмақта. Таў-кән металлургия комплексинде “Metso” концерни менен бирге ислесиў кеңеймекте – Алмалықта шөлкемлестирилип атырған мыс еритиў кластери ушын технология (соның ишинде, ири мыс еритиў заводы ҳәм еки сульфат кислотасы ислеп шығарыў ушын үскенелер) жеткерип бериў бойынша бир қатар шәртнамаларға қол қойылды. Бул экологиялық таза усылда мыс ислеп шығарыўды көбейтиў имканиятын береди. Суў ресурслары ҳәм екология тараўында “Econet” ҳәм EPSE фирмалары ақаба суўды тазалаў ҳәм санаат шығындысын қайта ислеў бойынша шешимлер усыныс етпекте. 2025-жылы республикамыздағы металлургия кәрханаларынан биринде EPSE технологиясынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылған тәжирийбе жойбары ақаба суўды тазалаўда реагенттиң жумсалыўын 60 процентке азайтыў имканиятын берди. Бул болса және де таза өндирис имканиятын көрсетти.
Орта мүддетли келешекте мәмлекетимиздиң Европа Аўқамы менен бирге ислесиўи айрықша әҳмиетке ие. Бул процессте Финляндия Өзбекстан мәплериниң “қорғаўшысы”на айланыўы мүмкин. Өзбекстан реформалар өлшемин орынлап барған сайын, Хелсинки Брюссельде республикамызды қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў зәрүрлигин исенимли түрде тийкарлап бере алады. Мәселен, GSP+ саўда жеңиллиги режимин сақлап қалыў ҳәм кеңейтиў ямаса ЕА менен Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге (EPCA) қол қойыў ҳәм ратификациялаўды жеделлестириў мүмкин. Бул ҳәр еки тәреп ушын пайдалы болған Европадан көбирек инвестиция ҳәм технология кирип келиўине жол ашады. Елимизде өзин алдынғы сыпатында көрсеткен Финляндия компаниялары улыўма европа басламаларын алға қойыў арқалы, мәселен, ЕАның Европа ҳәм Азия арасындағы инфраструктуралық байланысты раўажландырыў бойынша “Global Gateway” стратегиясы шеңбериндеги жумысын кеңейте алады.
Халықаралық майданда Өзбекстан ҳәм Финляндия өз-ара регионаллық мәселелерди муўапықластырып барады. Аўғанстан басқышпа-басқыш турақласқан жағдайда, еки мәмлекет тиклениў жойбарларында қатнасады: Өзбекстан географиялық жақынлық ҳәм жергиликли өзгешеликлер себепли, Финляндия болса эксперт ҳәм финанслық жәрдем менен. Бундай жуплық, мәселен, аўған жаслары ушын билимлендириў бағдарламаларын ямаса БМШ ҳәрекетине сәйкес келетуғын Аўғанстанда қайта тикленетуғын энергия жойбарларын биргеликте әмелге асырыўы мүмкин.
ЕҚБШ шеңберинде омбудсман институтын раўажландырыў, журналистлерди қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан бағдарламаларының белсенди қатнасыўшысы ҳәм интакери сыпатында Финляндия тийкарғы донор ҳәм модератор рольин атқарыўда даўам етеди. Қәўипсизликке қәўип күшейген ҳәзирги шараятта Хелсинки ҳәм Ташкенттиң табыслы бирге ислесиўи арқалы Батыс ҳәм Орайлық Азия қарым-қатнасының бундай форматы бар исенимди беккемлейди.
Солай екен, Өзбекстан ҳәм Финляндия шериклиги буннан былай да беккемленип барады, деп исеним менен айтыў мүмкин. Ең әҳмийетлиси, ҳәр еки тәреп бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылмақта.
Абдуазиз Хидиров,
ӨзА шолыўшысы