Ана тили – миллеттиң руўхы ҳәм мақтанышы

Ҳәр бир миллеттиң ең үлкен байлығы – оның тили. Тил – миллеттиң руўхын, тарийхын, мәдениятын ҳәм қәдириятларын әўладтан-әўладқа жеткериўши муқаддес қурал болып есапланады.
Сонлықтан 1989-жыл 1-декабрь сәнеси қарақалпақ халқы ушын умытылмас тарийхый күн сыпатында қәдирленеди. Себеби, әйне усы күнде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди. Быйыл мине усы уллы ўақыяға 36 жыл толмақта.
Бүгин биз, жас әўлад, бул сәне арқалы өз миллий қәдириятларымызға, ана тилимизге болған муҳаббат ҳәм ҳүрметти және бир мәрте жүрегимизде сеземиз. Қарақалпақ тили – бизиң миллет сыпатындағы өзлигимизди белгилейтуғын, бирлигимиз ҳәм мақтанышымызды билдиретуғын тымсал болып есапланады.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде тилди раўажландырыў, оның абырайын арттырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Билимлендириў орынларында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты терең оқытылмақта. Жаслар арасында ана тилинде дөретиўшилик, илимий жумыс алып барыў, мәдений илажларда белсене қатнасыў дәстүрге айланып бармақта. Бул болса тилдиң тек ғана сақланып қалыўы емес, ал, жаңа басқышта раўажланыўынан дәрек береди.
Мен, бир студент сыпатында, қарақалпақ тилинде еркин сөйлеў ҳәм жазыў имканиятына ийе екенлигимнен мақтанаман. Ана тилим арқалы мен өз тарийхымды, халқымның бай мәдениятын, әдебиятын ҳәм дәстүрлерин аңлайман. Биз жаслар бул тилди тек ғана сүйиўимиз емес, ал оны қәстерлеп сақлаў, келешек әўладларға сап ҳәм бай түрде жеткериў ушын жуўапкер екенимизди де умытпаўымыз керек.
Қарақалпақ тили – бул тек ғана байланыс қуралы емес, ал миллеттиң қәлби ҳәм руўхы. Оның ҳәр бир сөзинде тарийх, мәденият ҳәм миллий мақтаныш жасайды.
Дилафруз Қалбаева,
Бердақ атындағы ҚМУ университети юридика факультетиниң сиясаттаныў қәнигелиги 2-курс студенти