Ким мийнетти сүйсе…

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен руўхый-ағартыўшылық ушырасыў болып өтти.
Илажда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығының орынбасары, Мийнет инспекциясының баслығы Қ.Қиргизалиев, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы, Жоқарғы Кеңес депутаты У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, кәсиплик аўқамлары системасының мәмлекетимиздеги социаллық-экономикалық реформалардағы орны, хызметкерлердиң мәплерин қорғаў ҳәм мийнет мәдениятын арттырыўдағы әҳмийетин атап өтти.



Ушырасыў даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жоқары оқыў орынлары арасында филиалдың 3-курс студенти П.Жуманова “Кәсиплик аўқамы стипендиясы” жеңимпазы сыпатында атап өтилди. Студент қызға сертификат салтанатлы түрде тапсырылды.
Бул стипендия республикада белгиленген ең кем мийнет ҳақының еки есесинде белгиленип, 2026-жылдың январь айынан баслап алты ай даўамында ҳәр айда төлеп барылады.
– Бул мен ушын үлкен мақтаныш ҳәм жуўапкершилик. Бул итибар мени және де билимге қуштар, белсенди ҳәм жәмәәтке пайда келтиретуғын қәниге болыў ушын күш бағышлайды. Кәсиплик аўқамлары жасларды қоллап-қуўатлаўда әҳмийетли орын ийелемекте, биз болса бул исенимди әмелий нәтийжелер менен ақлаўға ҳәрекет етемен,-дейди П.Жуманова.
Филиалдағы бул ушырасыў жаслардың санасында мийнетке ҳүрмет, жәмәәтлик жуўапкершилик ҳәм пидәйилық сезимлерин және де беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги