Халқымыз сүйген музыкалы комедия және сахнада

62

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында атақлы драматург С.Хожаниязовтың “Сүймегенге сүйкенбе” атлы музыкалы комедиясы қойылды.

Бул спектакль инсан сезимлериниң рәңбәрең жилўасы, муҳаббат ҳәм адасыў, кеширим ҳәм ҳақ кеўиллилик ҳаққында жырланған турмыслық сахна шығармасы болып, ол тамашагөйди бир ўақыттың өзинде ҳәм күлдирип, ҳәм ойландырып қойды. Қаҳарманлар тәғдири арқалы ҳәр бир адам өзин тапқандай болды, ал сахна ўақыялары тамашагөй кеўлине жыллылық алып кирди.

Спектакльди Өзбекстан халық артисти, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Н.Аңсатбаев сахналастырған.

Спектакль соңында режиссёр Н.Аңсатбаев ҳәм театр директоры П.Мамутовлар шығып сөйлеп, көркем өнер шеберлерине шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Буннан тысқары, актёрлардың пидәкерлик мийнети, сахнаға алып шыққан образлардағы жанлы сезимлер ҳәм тамашагөйге инам еткен жыллы сезимлер ушын терең миннетдаршылық билдирип, олардың дөретиўшилик пәрўазы және де жоқары шыңларға көтерилиўин тиледи.

– Бул спектакль усы күнге шекем 500 мәртеден аслам сахнаға қойылған. Спектакль жуўмағында залда қол шапалақлар узақ ўақытқа шекем даўам етти. Тамашагөйлер актёрлардың шеберлигине ҳайран қалып, оларды алғысларға бөледи. Ҳәр бир шығыўдан кейин сахнаға узатылған гүллердиң санына жетип болмайтуғын еди – актёрлардың қоллары гүллерге толып, олардың жүзинде шын жүректен қуўаныш, қәлбинде болса тамашагөйдиң меҳир-муҳаббатының жыллылығы сәўлеленди, – дейди театр директоры П.Мамутов.

Бир сөз бенен айтқанда, “Сүймегенге сүйкенбе” – жүреклерге қуўаныш, жүзлерге күлки, кеўиллерге болса  жыллылық алып кирген музыкалы комедия болды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги