Байрағымызды бәлент көтерген қаҳарманлар

121

Ҳәзирги күнлери Бахрейн пайтахты Манама қаласында жас өспиримлер арасында III Азия ойынлары болып өтпекте.

Онда мәмлекетимиз спорт делегациясы да табыслы қатнасып, 19 алтын, 5 гүмис ҳәм 17 қола медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта қытайлы жаслардан соң екинши орынды ийелеп келмекте.

Әсиресе, 28-октябрь күни өткерилген беллесиўлер спортшыларымыз ушын оғада әўметли келип, усы күни спортшыларымыз 5 алтын ҳәм 8 қола медальды жеңип алыўға миясар болды.


Қуўанышлы тәрепи сонда, олар арасында қарақалпақстанлы спортшылардан Улбосын Жалғасбаева 66 кг салмақта бокс, Меҳрибану Қудайназарова 46 кг салмақта ҳаял-қызлар гүреси бойынша қола медальларын қолға киргизиўге еристи.

Ҳәзирги ўақыттта жарыслар даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы